Siyosat УЛЛЫ ИНСАННЫҢ ТУЎЫЛFАН КҮНИНЕ БАFЫШЛАНДЫ

УЛЛЫ ИНСАННЫҢ ТУЎЫЛFАН КҮНИНЕ БАFЫШЛАНДЫ

0
УЛЛЫ ИНСАННЫҢ ТУЎЫЛFАН КҮНИНЕ БАFЫШЛАНДЫ

Уллы инсанлардың өмир жолы ҳеш қашан умытылмайды ҳәм оның дөретиўшилик ислери әўладтан-әўладқа мийрас болып бара береди.

Өз өмириниң ақырғы демлерине шекем халықтың ийгилиги ушын хызмет ислеген Биринши Президентимиз Ислам Каримовтың туўылғанына 80 жыл толыўы мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң барлық орынларында салтанатлы жыйналыслар, еслеў кешелери, таңлаўлар өткерилди.

«Ислам Каримов ҳәмийше халқымыз жүрегинде» атамасындағы кеше районлық мәденият бөлимине қараслы мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында салтанатлы жағдайда өткерилди.

Дәслеп Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Салтанатлы кешени район ҳәкими Ж.Адилов ашып берди ҳәм уллы тулғаның өз Ўатанына, халқына ислеген минсиз хызметлери ҳаққында баянат жасады.

Буннан соң «Қара-ой» АПЖ аймағындағы 10-санлы мектеп директоры Қатша Баймурзаева сөзге шығып, Ислам Каримовтың билимлендириў тараўына енгизген жаңалықлары ҳаққында айтып өтти.

Кешеде Ислам Каримов ҳаққында таярланған ҳүжжетли фильм бәршениң дыққатына усынылды.

Кеше соңында Орайлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы, «Шуғла» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА