Siyosat МЕКТЕПЛЕРДЕ ӨТКЕРИЛГЕН ИЛАЖЛАР

МЕКТЕПЛЕРДЕ ӨТКЕРИЛГЕН ИЛАЖЛАР

0
МЕКТЕПЛЕРДЕ ӨТКЕРИЛГЕН ИЛАЖЛАР

Барлық мектеплердеги сыяқлы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде де Биринши Президентимиздиң туўылған күнине арналған әдебий кеше өткерилди.

Кешеде район ҳәкимияты ҳәм халық билимлендириў бөлиминен келген мийманлар Ислам Каримовтың әдил елбасшы, мудамы Өзбекистанның барлық перзентлерин өзиниң перзенти деп баўырына басқанын, олардың терең билимге ийе болыўы ушын имканиятлар есигин ашып бергенин мақтаныш пенен тилге алды.

Ал, мектеп оқыўшылары Президент атасына арнап жазған қосықларынан оқып берди.

******************************************************************************************************

Fәрезсиз мәмлекеттиң тийкарын салыўшы, сиясий ғайраткер Ислам Каримовтың туўылған күнине арналған кеше райондағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.

Кешени мектеп директоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы М.Қәллибекова ашты ҳәм басқарып барды.

Кешеде шығып сөйлеўшилер Ислам Каримовтың өмир жолы, ислеген хызметлери ҳәм келешек әўладқа мийрас болып қалған баҳалы китаплары ҳаққында кең түрде түсиник берди.

Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған буклетлер, альбомлар, китаплар көргизбеси мийманлар тәрепинен көзден өткерилип, жоқары баҳа берилди.

Биз Биринши Президентимиз И.Каримовтың китапларын тек бүгин оқып қоймастан, оны ҳәмме ўақыт жолдас тутынып жүрсек, бизге жоқары шеклерге ерисиўде ас қатары сөзсиз

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА