УШЫРАСЫЎ-ЖАСЛАРДЫ АЛFА УМТЫЛДЫРАДЫ
«Жас келсе иске» деп, ҳәзир жаслардың билеги күшке толып, жигерленип, нағыз мийнет ислейтуғын дәўири. Қай ўақытта да табысқа тек мийнеттиң арқасында ғана ерисесең. әсиресе жер менен тиллескен тәжирийбели дийханлардың маңлай териниң арқасында татып атырған жемислери олардың бала күнинен баслап мийнеттен қайнап пискен дәўирлери менен тығыз байланыслы. Тилекке қарсы ҳәзирги жасларымыздың көпшилиги тек жеңилдиң үсти менен ғана жүргенлер. Жасы үлкенлеримиздиң: «астапыралла, усы ўақытта сизлердиң шаршадым дейтуғын дәўириңизбе, сениң жасыңды маған берерме еди, әттең?!» деп, кеўиллери сайрап турғанынын айырым ис жақбас, ериншеклерге уқтырғысы келеди.
Жақын күнлерде Нөкистеги Жаслар орайының мәжилислер залында жыйналыста отырғанымызда жап-жас жигит-қызлардың жыйналыста отырыўға тақаты болмай, Ташкенттен келген мийманларды да писент етпестен, атлығып, залдан шығып кетти. Кейнинде қапыны қулыплап қойыўға туўра келди. Сонда сөзге шығып турған бир жасы үлкен: «буларға бизлердиң күйип-писип айтып атырған үгит-нәсиятымыз қызық емес, олардың ўақты зая кетип атыр, оннан үйине барып, телефонды шуқлап, соннан бир қызық нәрсе көргени жақсы» деди ашыўлы пишинде.
Сонлықтан ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёев та жасларды усындай бийпәрўалықтан аўлақ тутыў, оларды пайдалы ис пенен бәнт етиў кереклигин ҳәр дайым шығып сөйлеўлеринде айтып өтеди.
Президентимиздиң 2017-жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжеллигин асырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамы жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы ПП-5106-санлы Пәрманына муўапық, мәмлекетимизде жаслар арасында фермерлик хызметин кең ен жайдырыў ҳәм раўажландырыўда, әсиресе жәмлеспеген жасларды фермерлик ҳәрекетине бәнт етиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, жас фермерлерди көп тармақлы фермер хожалықларына айландырыў, олардың жумысларында ушырасып атырған машқалаларды биргеликте шешиў мақсетинде де кең көлемли илажлар исленип атыр.
Усы мақсетте жақында Өзбекистан жаслар аўқамы районлық Кеңеси, Жас фермерлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте «Ҳәким ҳәм жас фермерлер» ушырасыўы өткерилди. Онда сөзге шыққан район ҳәким Ж.Адилов, Өзбекистан Республикасы Қаҳарманы С.Сейтназаровлар жасларға өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирип, фермерлик ҳәрекетин басламақшы болған жасларға жол-жобалар көрсетти.
Ҳәр қандай баслаған исиңниң талабында болсаң, өзгелерден тәжирийбе топласаң, исиң ҳәр қашан да алға басады.
Әлбетте, бундай ушырасыўдан жасларда ҳәр түрли сораўлар туўыўы тәбийий. Олар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден тийисли жуўаплар алды.
Ушырасыўға Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары С.Уразалиев қатнасты.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА