Siyosat АҚЛАНБАҚШЫ БОЛДЫ, БИРАҚ...

АҚЛАНБАҚШЫ БОЛДЫ, БИРАҚ...

0
АҚЛАНБАҚШЫ БОЛДЫ, БИРАҚ...

Жип қанша шийеленгени менен бәри бир оның ушы табылғанындай, адам гейде өзин ақлаў мақсетинде ҳәр қыйлы жалған көрсетпелер берип, қалай болмасын бир әмеллеп қутылыўдың жолын ойлайды. Деген менен жалғанның өмири қысқа бола береди.

«Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны турғыны Д.Жеткербаев (адам аты өзгертилди)  өз үйинде нызамсыз оқ атыў қуралы менен қолға түсти.

Суд мәжилисинде Д.Жеткербаев  айыбын мойынламай, мылтықты бир күн бурын әкесиниң қорасын бузған ўақытта таўып алғанын, сол күни ишки ислер бөлимине апарып тапсырмақшы болғанында аяғынан жарақат алып жүре алмай қалып, тез жәрдем машинасы арқалы емлеўханаға барғанын айтты.

Лекин районлық медицина бирлеспеси шыпакериниң берген көрсетпеси Д.Жеткербаевтың көрсетпесине қайшы келди. Шыпакердиң айтыўынша, бир тәрептен оның емлеўханаға барған күнги сәнеси туўры келмеген болса, екинши тәрептен оның жарақаты онша аўыр болмаған ҳәм өз аяғында жүрип кеткен. 

Әдил суд ҳәр қашан да әдил шешимин табады. Егер келтирилген дәлийллер шынлыққа туўры келсе қараны ақлаўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.

Солай етип, пуқара Д.Жеткербаевтың үйинен табылған бир дана «ЗК» маркалы, бир стволлы 16-калибрли, 3585-санлы аў мылтығы жынаят иси бойынша тийкарғы дәлийл есапланып, бул қуралдың жарамлы оқ атар қуралларының аў мылтықлар топарына киретуғыны анықланды.

Судланыўшы Д.Жеткербаев Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 248-статьясы 1-бөлими менен    айыплы деп табылып, тийисли жазасын алды.

Шерзод ХАКИМОВ

Район прокуратурасының тергеўши лаўазымында ис үйрениўши