УРЛЫFЫ ӘШКАРА БОЛДЫ
Урлық. Ол жәмийетимизге ҳәр қыйлы жоллар менен қәлиплесип алған. Биреў тәбийий газ яки электр энергиясын нызамға қылап рәўиште пайдаланып урлық ислесе, екинши биреў кисиниң мүлкине көз салып, оны сораўсыз өз қоллары менен «мәртлерше» урлап алады. Арамызда усындай жолды кәсип етип алып, «өз исиниң устасы» болып кеткенлер қаншама?!
Шымбай районы «Тағжап» АПЖ турғыны Едиге Арзуов бир-еки мәрте қоңсысы Сержан Амановтың үйин қолайлап жүрип, ақыры ғәзийнениң «гилтин» тапқандай болды. Ол бир күни Сержанның үйине қарыз ақша сораў бәнеси менен барғанда үйинде адам жоқлығынан пайдаланып, шифонеринде турған пуллардан қорықпастан 400 мың сумды урлап алады.
Және пулға мүтәж болған Едиге араны сәл суўытып, қулпының бузықлығынан пайдаланып, және сол үйден 200 мың сум урлайды.
Жаны қыйналып таппағаннан соң пулдың қәдири болама, ол пулларды да таўысып, 3-мәрте және Сержанның үйине барып,қулпын аша алмағаннан соң жатақхананың айнасынан кирип, көрпешелердиң арасында турған сумкадан 600 мың сумды урлайды.
Тегин пайда кимге опалық етеди дейсең?! Күнлердиң күнинде Едигениң сыры ашылып, пүткил аўыл-аймаққа әшкара болды.
Жыйында жайласқан 7-санлы мектеп имаратында өткерилген ашық ҳәм көшпели суд мәжилисинде судланыўшы Е.Арзуов өзиниң ислеген қылмысына халықтың алдында жуўап берди.
(Адам атлары өзгертилди)
З.ИДИЕТУЛЛАЕВ
Район прокурорының ис үйрениўши жәрдемшиси