РУЎҲЫЙ КҮШТИҢ ҚҮДИРЕТИ
Ўатанымыздың келешеги, халқымыздың ертеңги күни мәмлекетимиздиң жәҳән шериклигиндеги абырай-итибары ең дәслеп перзентлеримиздиң өнип-өсип, ер жетип, қандай инсан болып жетилисиўине байланыслы. Биз бундай ҳақыйқый шынлықты ҳеш қашан умытпаўымыз керек.
И.Каримов
Өмирден өткен инсанлар ҳаққында жазыў аңсат емес. Уллы инсанлар ҳаққында болса, оннан да аўыр.Тап ҳәзирги демлерде пүткил елимиз бойлап мәмлекетимиздиң биринши Президенти И.Каримовтың халқымыз ушын ислеген пидайы ислери ядқа алынбақта. Январь айының 30-сәнеси Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти И.Каримовтың туўылған күни екенин халқымыз жақсы биледи. Өмириниң ақырғы демлерине шекем Өзбекистан Республикасының жайнап-жаснаўы, халқының тыныш өмир сүриўи, ел перзентлериниң тәрбиялы, Ўатанға садық болып жетилисиўи ушын бар жан-тәнин аямай жумсаған уллы инсан, сиясий ғайраткер Биринши Президентимиздиң даналығы, жаслар тәрбиясына айрықша дыққат қаратыўы, диний ағымлардың елимизге кирип келиўиниң алдын алыўда қырағылық пенен алып барған жемисли мийнетлери өз нәийжесин бермекте. Тыныш-татыў, меҳир-ақыбетли елде жасар екенбиз, ҳәр күни дәрўазамыз ашық, қәўип-қәтерден жырақта емин-еркин өмир сүргенимиз ушын да өзимизди бахытлымыз деп айта аламыз. Дүнья еллери бо-йынша Өзбекистан Республикасы ең тыныш мәмлекетлер арасында екинши орынға шықты, деген қатарларды интернет арқалы оқығанымызда болса, кеўлимизди қандай да бир мақтаныш сезимлери бийледи. Себеби, биз усы тыныш елдиң пуқарасымыз, биримиз пер- зентлеринен кеўли тоқ ана болсақ, биримиз кәмил перзентлер тәрбиялаўда жол көрсетиўши әке, және биримиз ана Ўатанның қалқаны болған, орта билим, кәсип ийелеген жасларымыз. №улласы, бәримизде бир мақсет-бизди қызғыштай қо-рып атырған ана Ўатанды сүйип жасаў, елимиздиң ертеңги әжа-йып келешеги, балаларымыздың бахытлы турмысы ушын оларға туўры жол көрсетиў, дүнья еллери алдында биз ҳеш кимнен кем емеслигимизди көрсетиў. Мине, усы бағдарда Биринши Президентимиздиң алып барған дурыс сиясаты дүнья еллерин тән алдырды.
И.Каримовтың «Жоқары мәнаўият-жеңилмес күш» атамасындағы шығармасы көплеген китап оқыўшылары ушын тәрбия мектеби болды десем, асыра айтқан болмайман. Биз журналистлер ҳәр бир қәдемде оның ишиндеги даналық сөзлерди эфиграф етип алмағанларымыздың саны жүдә аз шығар деп ойлайман. Шығармадағы мына қатарлар: «Ҳәр қандай халық яки миллеттиң ой-пикири, турмыс тәризи, руўҳый көз қараслары өз-өзинен қәлиплеспейтуғыны белгили. Олардың пайда болыўы ҳәм раўажланыўында анық тарийхый, тәбийий ҳәм социаллық факторлар тийкар болатуғынын жақсы билемиз. Мысалы, Шығыс дүньясында-өзимиздиң Орта Азия шараятында жәмәәт болып жасаў сезими оғада үлкен әҳмийетке ийе. Жақсы әдетимизге айланып кеткен меҳир-ақыбет түсинигин алатуғын болсақ, оның жүдә терең, тарийхый, миллий, диний тамырлары бар екенлигин көриў мүмкин. Бул дәслеп адамның адам менен, қоңсының қоңсы менен, ағайинниң-ағайин менен, шаңарақтың шаңарақ пенен, ең әҳмийетлиси, инсанның жәмийет пенен уйғын болып жасаўын, жетим-жесир, ғәрип-қәсер ҳәм майыпларға, мүсәпирлерге қайыр сақаўат көрсетиў, шын жүректен, бийғәрез жәрдем бериўди аңлатады. Бундай пазыйлет халқымыздың руўҳый дүньясына сиңип кеткенин ҳеш ким бийкарлай алмайды.
Шығыс халықлары ҳәм бизиң халқымызға тән болған бундай пазыйлетлер ҳаққында айтқанда, олардың тарийхый-социаллық негизине айрықша итибар қаратыў лазым, деп ойлайман. Тарийхтан белгили, Орта Азия аймағында халық әзелден алапларда, үлкен суў негизлери дәрья ҳәм өзеклер бойында жасап келеди. Әтирапы шөл ҳәм саҳралар менен орал-ған, тәбияты, ықлымы оғада қыйын болған регион шәраятының өзи әне усы халық ҳәм миллетлердиң мың жыллар даўамында бири-бирине бейимлесип, қолды-қолға берип, ийин тиресип, бири-бириниң аўырын жеңил етип жасаўын талап етип келеди. Шынында да бул журтта жасайтуғын адамлардың бөлек-бөлек болып жасаўына имканияты жоқ, тәбияттың өзи, турмыстың өзи оларды усы руўҳта тәрбиялаған. Регионымызда жасап өткен уллы данышпанлар, үлкен ой-пикир ийелери-Алишер Наўайы бабамыз болама, Рудакий, Абай, Мақтымқулы яки Тоқтағул киби уллы инсанлар болама, олардың бәршеси өз дөретпелери менен тек еки дәрья аралығындағы халықларды ғана емес, ал пүткил инсаниятты мудамы меҳир-мириўбетли, дос-туўысқан болып жасаўға шақырғаны бийкарға емес» деп, халқымыздың бири-бирине деген адамгершиликли қарым-қатнасларының келип шығыў тийкарын әпиўайы мысаллар менен түсиндиреди. Және де: «Дүньядағы зорлыққа бейим ҳәм агрессив күшлер қайсы бир халық яки мәмлекетти өзине бас ийдирип бойсындырмақшы, оның байлықларын ийелемекши болса, ең дәслеп, оны қуралсызландырыўға, яғный ең уллы байлығы болған-миллий қәдириятлары, тарийхы ҳәм мәнаўиятынан жүдә етиўге урынады. Себеби, ҳәр қандай миллет яки халықтың мәнаўияты-оның бүгинги турмысы ҳәм тәғдирин, өсип киятырған перзентлериниң келешегин белгилеўде ҳеш гүмансыз шешиўши әҳмийетке ийе болады...Солай екен, мәнаўиятқа қарсы қаратылған ҳәр қандай қәтер өз-өзинен мәмлекет қәўипсизлигин, оның миллий мәплерин, саламат әўлад келешегин тәмийинлеў жолындағы оғада қәўипли қәтерлердиң бирине айланыўы ҳәм ақыр-ақыбетинде жәмийетти дағдарысқа алып келиўи мүмкин. Орны келгенде илгери айтқан бир пикиримди тәкирарламақшыман: бул дүньяда тәбиятта да, жәмийетте де бослық болмайды. Қай жердедур бослық пайда болды ма ҳеш гүмансыз, оны әлбетте, кимдур толтырыўға ҳәрекет етеди» деген пикирлеринде жаслар тәрбиясына айрықша кеўил аўдарыўды, жасырын түрде динди нықап етип кирип келиўшилер сол бослықлардан пайдаланыўы әбден мүмкин екенин тәкирар-тәкирар атап өткен еди.
Өзбекистан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтиң «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик сиясат искери И.А.Каримов туўылғанының 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында елимизде еслеў естеликлери, соның ишинде Самарқанд қаласында И.Каримов естелигине арнап салынған мавзолейди ашыў, Қаршы қаласында орнатылған ҳәйкелдиң салтанатлы ашылыўы, «Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен оның өмири ҳәм хызметлери ҳаққында ҳүжжетли фильм жаратыў, шығармаларын қайтадан баспадан шығарыў (соның ишинде «Жоқары мәнаўият-жеңилмес күш» китабы да бар), Самарқанд қаласында «Ислам Каримов-Өзбекистан Республикасы мәмлекет ғәрезсизлигиниң тийкарын салыўшы» атамасында халықаралық илимий конференция өткериў тағы басқа билимлендириў, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери менен мәҳәллелерде белгили жазыўшы ҳәм алымлар, тараў хызметкерлери қатнасыўында Биринши Президентимизди еслеўге бағышланған ушырасыўлар өткериў белгиленген.
Әлбетте, руўҳый күштиң қүдирети арқалы халқымыздың кеўлинен жол таба алған, елдиң бирлигин, тынышлығын сақлап, мәмлекетимиздиң гүллеп раўажланыўында өз үлесин қосқан уллы инсанның исми халқының жүрегинде, тарийх бетлеринде мәңги қала береди.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА