МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ
Район ҳәкимиятының мәжилислер залында район аймағында өткен жыл даўамында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў, ҳуқық тәртибин беккемлеў бойынша әмелге асырылған ўазыйпалардың жуўмағы, жынаятлардың өсиў себеплерин үйрениў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған илажлар көриў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеўге бағышланған Муўапықластырыўшы Кеңестиң мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим прокуроры ўазыйпасын атқарыўшы А.Ибрагимов, ра-йон ҳәкими Ж.Адилов, районлық Кеңес депутатлары, райондағы ҳуқық қорғаў тараўы хызметкерлери, мекеме, шөлкем, билимлендириў тараўы басшылары, орынлардағы мәкан пуқаралар жыйыны ақсақаллары менен мәсләҳәтшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти район прокуроры Қ.Бекмуратов ашты ҳәм алып барды.
Мәжилистиң күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли ҳуқық қорғаў тараўы басшыларының баянатында атап өтилгениндей, жыл даўамында районлық ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен район аймағында жынаятшылықтың алдын алыўда, азайтыўда, сондай-ақ нызам үстинлигин тәмийинлеўде Өзбекистан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәрекет етип турған нызам талапларының орынланыўына қаратылған жобалы түрде жумыслар алып барылған. Район аймағында улыўма жынаятшылық 77 ден 39 ға кемейген. Яғный, қастан адам өлтириў жынаяты 1 ден 0 ге, экономика тараўындағы жынаятлар 14 тен 9 ға, урлық жынаяты 9 дан 6 ға, адам өлими менен байланыслы автотранспорт ҳәдийсеси жынаяты 2 ден 1 ге, нызамсыз аў қуралларын сақлаў жынаяты 9 дан 2 ге кемейген бир ўақытта қастан денеге аўыр жарақат жеткизиў жынаяты 1 ден 2 ге, ҳүжжетлер, штампалар, бланкалар таярлаў, оларды қәлбекилестирип сатыў яки олардан пайдaланыў жынаяты 0 ден 2 ге, ҳүжжетлер, штампалар, бланкаларды ийелеў, набыт етиў, оларға зыян келтириў жынаяты 0 ден 1 ге, авто-транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты 1 ден 2 ге, намысқа тийиў жынаяты 0 ден 1 ге, бийзарылық жынаяты 0 ден 1 ге, зинахорлық жынаяты 0 ден 1 ге, денеге жеңил жарақат жеткериў жынаяты 1 ден 2 ге өсип кетиўине жол қойылған.
Өткен жыл даўамында жынаятшылықлар жүз берген мәкан пуқаралар жыйынлары сынға алынды.
Мәжилисте жүз берген жынаятлар ашық айдын айтылыўы менен бирге, бул жыйын аймақларында еледе халық пенен бирге ислесиў, жынаятшылықтың алдын алыўда ислениўи керек ўазыйпалар белгиленди.
Көрилген күн тәртибиндеги мәселе тийкарында районлық ишки ислер бөлими баслығы Ө.Турдыбаев, Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы СВБЖҳЖДЛҚГ Департаменти районлық бөлими баслығы Қ.Ерниязов, Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлими баслығы Ж.Хожановлар өз пикирлерин билдирди.
Муўапықластырыўшы Кеңес мәжилисинде алдағы ўақытта прокуратура, район ҳәкимлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм қадағалаўшы орынлар кең жәмәәтшилик пенен биргеликте район аймағында нызамшылықты беккемлеў, нызам талаплары бузылыўларының алдын алыў, сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў талапларын күшейттириў ўазыйпаларын белгилеп алды.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА