НӘПСИ ДЕГЕН БӘЛЕ FОЙ
Парахорлық-әлле қашан-ақ халқымыз ушын әдетке айланып қалды. Турмысымызда сол иллетти түп-тамырынан жоқ етиўге қаншама ҳәрекет исленбесин, ол ҳеш қашан тоқтар емес. «Алтын көрсе периште де жолдан шығады» дегениндей, гейбир нәпси бәлесине дуўшар болғанлар ҳеш қашан тойымлық дегенниң не екенин түсинбейди.
Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық суды имаратында ашық суд мәжилисинде қаралған мына жынаят иси арқалы көбирек дәмегөйликке жақын болған лаўазымлы шахслар ушын «бузаўдың жуўырғаны сабанханаға шекем» екенлигин билдиргимиз келеди.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң орынбасары лаўазымында ислеген Ж. Таўмуратов (адам аты өзгертилди) Шымбай районындағы мектепке шекeмги билимлендириў мекемелериниң жағдайын үйренип шығыў мақсетинде бир қатар исши топар ағзалары менен биргеликте тексериў өткереди.
Ж.Таўмуратовтың та излегени сол еди, анықланған кемшиликлерди жасырыў, оған шара көрмеў мақсетинде дәрриў өз қулқыны ушын керек болып турған ойын әмелге асырады. Буның есесине Шымбай районлық халық билимлендириў бөлими баслығы Т.Ҳәкимбаевтан (адам аты өзгертилди) 5.000.000 сўм пул талап етеди. Усындайда гейде парахорлықтың жол қойылыўына өзимиз де себепши боламыз. Себеби «қалтаңда пулың болмаса жумысың питпейди» деген пикир мийимизге орналасып алған.
Судланыўшы Ж.Таўмуратов ҳуқық қорғаў уйымлары органларына пушайманлық хатлары менен мүрәжат етип, дәслепки сорастырыў ҳәм тергеў дәўиринде өз тастыйығын таппаған жалған хабарларды берген. Барлық ҳәрекетлери ушын судланыўшы тийисли жазасына ийе болды.
Бизиң халқымыз ҳадал ҳәм ҳарам дегенде ишип-жеўге мүмкин нәрселер ҳадал, мүмкин емес нәрселер ҳарам деп ойлайды. Нанды ҳадал, жеўге мүмкин деймиз. Лекин, ҳарам жол менен табылған нан ҳарам болады. Сонлықтан ҳәр биримиз бир тислем нан жесек те ҳадаллап жеўге әдетленейик!
Жасурбек УРАЗБАЕВ
Жынаят ислери бойынша районлық судының баслығы