Siyosat ФЕРFАНА ТӘСИРЛЕРИ

ФЕРFАНА ТӘСИРЛЕРИ

0
ФЕРFАНА  ТӘСИРЛЕРИ

МАРFУЛАНДАFЫ   ДӘСЛЕПКИ  ЕКИ  КҮН

 

Еки күнлик жолымыз Ферғана ўәлаятына алып келди. Биз минген Ташкент-Андижан поезды Марғулан қаласына  кирип барғанда, ел жатар ўақыт болып қалған еди. Қарақалпақстаннан барған он журналисттен басқа Ташкент, Наўайы, Наманган, Бухара, Андижан, Самарқанд ўәлаятларынан  алыслары биз бенен бир поездда, жақын ўәлаятлардың делегациялары жеңил автомашиналарда келип қосылды. Белгили журналист, Ферғана  ўәлаятлық журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы Мухаммаджон Обидовтың басшылығындағы жергиликли  журналистлер бизди күтип алды.  «Зиярат» мийманханасында түнниң бираз ўақты болыўына қарамастан қонақ асымызды берди. Биз Өзбекистанлы редакторлар, журналистлердиң дәслепки дослығымыз усы жерден басланды.

Ертеңги таңымыз  уллы ойшыл  Ахмед ал-Ферғаний естелигине гүл шеңберлерин қойыўдан  басланды. Ферғаналы журналистлер бизге  бул ҳәйкелдиң орнатылыў тарийхы ҳаққында мағлыўматлар берди.

Усы күни үлкетаныў музейинде болдық. Музейде ўәлаят тарийхына байланыслы көплеген экспонатлар жыйналыпты. Маған тарийхый тулғалар ҳаққындағы мағлыўматлар жүдә тәсир етти. Үлкетаныў музейиниң екинши қабатында Ферғаналы фотожурналистлер Шамсиддин Қорабоев ҳәм Муқимжон Қодировлардың фотокөргизбелери ашылыўы режелестирилген екен. Кең залды ийелеген еки дөретиўши инсанның жәмлеген фотокөргизбеси рәң-бәрең еди. Онда ҳәр бир тараўдағы  мийнет адамының, бағманлар менен дийханның, байрамлардан руўҳланған халықтың өзине ерксиз тартатуғын мазмунлы көз-қараслары бар еди. «Неге  ҳәр күнги жумысымызға тән, алынған фотосүўретлер арқалы биз де усындай көргизбе шөлкемлестире алмаймыз?», деген қыялый сораўлар мийиме тез келгени менен де, «оны қайда шөлкемлестиресең, усындай мүмкиншилиги бар залың қайда ҳәм тәжирийбели арнаўлы фотожурналистлериң барма еди?», деген сораўлы жуўаплар арқалы өзиме-өзим «урысып» тасладым. Музей ҳәм фотокөргизбелерден тәсирленген бизлер енди шәҳәр ҳәкимиятына қарай жол алдық.

Ўәлаят ҳәкиминиң орынбасары Ил-ҳомжон Носировтың қабыллаўында болдық. Ҳәким орынбасарының сөзге шеберлиги, ядтан  қосық қатарларын оқып бериўи бизди сүйсиндирди. Сөйтсек ҳәкимият хызметкерлериниң поэзия әлемине қызығыўы тән қәсийет екен. Ҳәким орынбасарының айтыўынша, ўәлаят ҳәкими Ш.Fаниев қәлеген белгили шайырлардың қосығынан бир куплет айтады да, хызметкерлеринен изин даўам етиўди талап етеди екен. Биз буған да қайыл қалдық. Бәлким ҳәкимниң мақсети хызметкерлерин поэзияға қызықтырыў шығар?! Студент ўақтымызда мениң сүйикли устазым Ю.Пахратдинов қарақалпақ классик шайырларының  350 куплет қосығын ядлаўды талап еткен еди. Мине ҳәзир сол қосықлар еле ядымызда.Ким сорасада уялмай жуўап беремиз. Усы жерде Ферғаналы ҳәкимниң талабы мениң ядыма ерксиз устазымды салды. Бәримизди хош кеўилли күтип алған ҳәким орынбасары  ўәлаятта журналистлерге көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында айтып берди. Биз бармастан бир күн бурын «Фарғона ҳақиқати» газетасының 100 жыллығы ўәлаят ҳәкиминиң қатнасыўында кең түрде белгиленип, ўәлаяттағы журналистлер дөретиўшилик аўқамына бир автомашина ҳәм 100 журналистке 1000000 сумнан жаңа жыл байрамы алдынан ақшалай саўғалар берилген. Ўәлаят журналистлери өткен жылы декабрь айында бизиң Қарақалпақстанға, бәҳәрде Қытай Халық Республикасына, ўәлаятларға ҳәм ноябрь айында Корея Республикасына сапарға жиберилгенин мақтаныш етти. Ушырасыў барысында Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров шығып сөйледи ҳәм қырәәт жолы менен жаңа қосықларынан атқарды. Ферғаналыларға өзимиздиң миллий шапан ҳәм қара қалпақларымызды, Қарақалпақстан үлкеси ҳаққындағы китапларымызды саўға еттик.

Изинен сапарымызды Қувасой шәҳәринде жайласқан, елимиздеги ең ири өндирис орайларынан бири болған «Кварц» акционерлик жәмийетине қарай даўам еттик. Ҳәр жылы  жаз, гүз айларында бизиң де базарларымызды толтырып туратуғын ҳәр қыйлы сыйымлықтағы банка ыдыслары, шийше, жети түрли реңдеги қурылыс айналары, соның ишинде автомобиль санаатында, мебель санаатында ҳәм халық хожалығында пайдаланып жүрген ҳәр түрли айна өнимлери әйне усы жерде шығарылатуғынын билдик ҳәм жумыс алып барыў усыллары менен таныстық. Айтыўларынша, шийки зат өними болған топырақ  дәслепки жыллары Тәжикистаннан алып келинсе, бүгинги күнде биз тәрептен ҳәм Наўайы ўәлаятынан алып турған.

«Кварц»тың миймандослығы-түслик аўқатынан соң Ислам Каримов атындағы 1000 орынға мөлшерленген театр-концерт сарайында ҳәм Ферғана китап орайында болдық. Узақ саяхатымыз бенен күнди батыра тийкарғы мәнзилимиз-медиалагерь бизди күтип турған «Чимён» санаторийсына да жетип келдик.

ГӨЗЗАЛ «ЧИМЁН» БИЗДИ КҮТИП АЛДЫ

Дем алыўшылардан басқа жүзден артық журналистлер ҳәм редакторлар менен бирге «Чимён» таңын  күтип алдық. Бир жағы таў, бир жағында Шахмардон суўы сарқырап ағып турған бул жердиң қысы да өзгеше екен. Аўылдың суўығынан көзимиз қорқып қалған бизлер қабат-қабат кийимде барғанбыз. Бунда болса күн жыллы, бас кийим кийиўде шәрт емес. Түске шекем ем алсақ, түски 13-30 дан 17-30 ға шекемги аралықта оқыўды даўам еттиремиз.

Түсликтен  соң биз ушын күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасы болған-«Ҳәрекетлер стратегиясы: реформалар процесси ҳәм ғалаба хабар қураллары» атамасындағы VII дәстүрге айналған «Чимён» оқыў-медиалагеримиз өз жумысын баслады. Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы Саъдулла Хакимов ҳәм аўқамның ўәлаят бөлиминиң баслығы Мухаммаджон Обидовтың басшылығында ашылған медиалагердиң  биринши күнинде «Өзбек баспа сөзи алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм журналисттиң жуўапкершилиги» темасында сәўбетлесиў ҳәм сораў-жуўаплар өткерилди. Бунда биз журналистлердиң бүгинги күндеги ўазыйпаларымыз, «Алтын қәлем» таңлаўы, бүгинги күн журналистине берилип атырған имканиятлар ҳаққында пикир алысыўлар болып өтти.  «Америка ҳаўазы» радиосының редакторы Навбаҳор Имомованың видеошығып сөйлеўи арқалы бүгинги күндеги өзбек журналистикасы ҳаққында билдирген пикирлери арқалы кәсибимизге еле де пидайы және садық болыўға  шарлады. Оқыў барысында «Халқ сўзи», «Зарафшон» (Самарқанд қаласы) газеталары менен таныстырыў болып өтти. Таныстырыў арқалы газеталардағы айрықша жағдайларды, биз ушын жаңалық тәреплерин қойын дәптершемизге «түртип» қойдық. Таныстырылған газеталарға ҳәм шет елли жерлес кәсиплесимиздиң сөзлерине пикирлеримизди билдирдик.

Мазмунлы басланған оқыў күнимиздиң кешки ўақты да әжайып болды, себеби «Фарғона ҳақиқати» газетасының  100 жыллығы  бизлер менен биргеликте және байрамланды. Көплеген кәсиплеслеримиз, соның ишинде бизлер де газетаның бас редакторы  Ахмедали Тешабоевты қызғын қутлықлап, дөретиўши жумысларында табыслар тиледик. Өз гезегинде жасы үлкен газетаның жасы үлкен редакторы барлық кәсиплеслеринен миннетдар екенин жасырмады.                                                      

ҲӘР БИР КҮНИМИЗ МАЗМУНЛЫ

Ҳәр күни түски саат 13:30 да «Чимён»ның кең залында кәсиплеслер жыйналамыз. Өзбекистанлы журналистлердиң көш басшысы Саъдулла Ҳакимов, устаз журналист Мухаммаджон Обидов, Өзбекистан Миллий университети журналистика факультетиниң доценти Аҳмаджон Мелибоев, «Жамият» газетасының редакторы Бекзод Шукуров, «Қишлоқ ҳаёти» газетасының редакторы Чори Латиповлардай талантлы журналистлердиң баянатын тыңлаў, неше жыллық ис тәжирийбесине ийе мен ушын да үлкен сабақ болды. Оқыў-медиалагердиң дерлик ҳәр күнинде «Сырттан нәзер: таллаў ҳәм усыныс» атамасында  шет ел ғалаба хабар қураллары  ўәкиллериниң  видеобаянатларын тыңладық. Бул оқыўдың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенинен дәрек береди. «Дүнья өзбеклери» интернет газетасының редакторы Истам Хушев, «Азатлық» радиосының өзбек тилиндеги еситтириўлер сыңар топар баслығы Сарвар Усмонов,  «ВВС» радиосының редакторы Паҳлавон Содиқтың видеобаянатын, Туркиядағы «Анадоле» ахборот агентлигиниң Өзбекистандағы хабаршысы Бахтиёр Абдукаримовтың залда қатнасып, шығып сөйлеўин тыңладық. Шет ел баспа сөзи журналистлериниң шығып сөйлеўлерине пикирлеримизди билдирдик.  Сиясаттаныўшылық докторы, «Халықаралық пресс клуб» баслығы Шерзодхон Қудратхужаевтың бизге жоллаған видеобаянаты «Баспа сөзде ашықлық, әшкаралық, жеделжуўаплылықтың орны ҳәм әҳмийети» атамасында болып, бүгинги күнде интернет журналистикасы  баспа дөретпелерин өз тезлиги менен артта қалдырып атырғанын,  баспа дөретпелериниң машқалалары оларды шешиў жоллары ҳәм де газета, журналлардың сапасын асырыў зәрүрлиги ҳаққында сөз етиўи-бүгинги күнниң темасы еди.

Ҳәр күнги оқыўымызда республикамызда шығатуғын газеталарды таныстырыў, олардың редакцияларында алып баратуғын жумыслары ҳәм жаңалықлары менен жақыннан танысып шықтық. Өзлеримизге тийисли деген жерлерин  ядта сақладық. «Тараққиёт кўзгуси» (!миўдәрья районы), «Жомбой тонги»(Самарқанд), «Истиқбол йўли» (Ферғана), «Оққўрғон овози» (Ташкент), «Жалақудуқ ҳаёти» (Андижан), «Муқаддас бурч» (Наўайы) газеталарының бас редакторларының шығыўлары арқалы ҳәр бир журналист  белгили бир мағлыўматларға ийе болды деп ойлайман.

Устазлардан алған сабақларымыз бизиң турмыс тәжирийбемизге, кәсибимизде асқатады деп ойлаймыз. Қурғақ сөз болмаўы ушын бир мысал келтирейин. Устаз журналист Аҳмаджон Мелибоевтиң ҳәр күни түнде ҳәм таңда мақалалар жазыўды үрдиске айландырыўы-кәсибине пидайылығын, тынып-тыншымаслығын билдиреди. Авторлығындағы китаплар саны жүдә көп. «Бизиң халқымыз арасында еле жоқ болмай киятырған кеселликтиң еки түри бар,-дейди ол. Бири өзин-өзи асыў кеселлиги, екинши кеселлик айырым ўәлаяттағылар ушын тән қәсийет-өзин-өзи өртеў кеселлиги. Көшениң басында бир студент қыздың жигити менен  сөйлесип турғаны ушын қоңсы ҳаяллар гәп қылған. Буған арланған қыз тандырдың ишине кирип, үстине жанар май қуйып, өзине от қояды. Буны газетада мақала етип бердик. Бизиң мақсетимиз ҳаял-қызлар мәниссиз өсек-гәплер айтыўы биреўдиң ар-намысына тийетуғынын, изи усындай жаманлықларға алып баратуғынын түсиндириў еди. Арадан бир ҳәпте ўақыт өтип, алдыма бир киси келди. «Төрт қызым бар еди, устаз,-деди. Солардың ишинде бир қызым қулақсызлаў болып тур. Кеше оған бақырып атырғанымда, «енди не қылсам екен, өзимди-өзим өртеп өлтирейинбе?» деген сөз аўзымнан шығып кетти. Кейин өзимде қорқып кеттим. Бул сөз қызыма тәсир етсе не қыламан, деген ой келди изинен. Сизлердиң жазған усы мазмундағы мақалаңыз бир ҳәптеден бери мениң ойымнан кетпей атыр. Руўхыма жаман тәсир еткен екен өзи де. Сизлерден илтимас, усындай аянышлы жағдайлар болғанда да мақала етип жазба¦,-деди. Биз бул мақаланың адамлардың руўҳына жаман тәсир ететуғын тәреплерин ойламаппыз. Соннан баслап бундай мазмундағы мақалаларды бергенди қойдық» деди А.Мелибоев. Устаздың бул гәплеринен соң биз де ойланып қалдық. Ҳәр қыйлы жынаятлар ҳаққында жазып барамыз. Әлбетте, бундағы мақсетимиз биреўдиң үстинен күлиў, яки оны дуйым журтқа күлки етиў емес, пуқараның атын өзгерткен ҳалда оның ислегени жынаят екенин айтыў менен бирге, басқаларға да бул ҳәрекетлерди қайталамаўды, болмаса нызам алдында жуўап беретуғынын түсиндириў менен ҳәлек боламыз. Ал, айырым ўақыялардың оқырман руўхына тәсир етпеген ҳалда жазылыўы кереклиги-биз ушын да сабақ болды.

Солай етип, оқыў-медиалагерьдиң соңғы күнинде көпшилик «Чимён» санаторийсында өткен бул күнлеримиз ҳаққында жақсы пикирлерди айтып, шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылығымызды билдирдик. Ертеңине 24-декабрь күнги таңғы асымыздан Марғулан қаласы бойлап саяхатымыз бар еди. Бирає бизлердиң билетлеримиз қайтыў ушын азанға алынғанлықтан ерте таңда саат 05-00 де жолға шықтық. Ферғаналы журналистлердиң көш басы Мухаммаджон аға Марғулан темир жол вокзалына шекем бизлерди шығарып салды. Биз Марғулан менен усылайынша ерте таңда хошластық.

Арадан еки күн өтип фейсбук сайты арқалы Наўайыдан досларымыз жазған «Чимён» естеликлерин оқып қалдым. Онда былай делинген екен: «Бул күнниң таңы алдыңғылардан көре басқаша болыўы тәбийий еди. 6 күнлик оқыў-медиалагерь даіамында бир шаңарақтай болып жасаған журналистлер ушын бул хошласыў күни еди. Таңғы ас басқаша өтти. Қарақалпақстанлы досларымыз отыратуғын орынлықлар бос...» Аўа, бул ўақытта таңғы саат 7 болып, биз Қарақалпақстанлы дослары Андижан-Ташкент жөнелиси бойлап поездда, өз үйимиз-өлең төсегимизге бағдарлап баратырған едик. 

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА