Siyosat ҚУЎАНЫШТАН ЖАЙНАFАН ЖҮЗЛЕР...

ҚУЎАНЫШТАН ЖАЙНАFАН ЖҮЗЛЕР...

0
ҚУЎАНЫШТАН ЖАЙНАFАН ЖҮЗЛЕР...

Жуўмақланып атырған жылымыздың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп аталыўы-ҳақыйқатында да халықтың дәрти тыңланып, инсан мәпи үстин қойылатуғын жақсы нийетлердиң басламасын баслап берген жыл болды. Алысқа кетпей-ақ, жақыннан өзимиздиң турмысымыз мысалынан алатуғын болсақ, айырым көшелер (ҳәмелдарлар ҳәм электр қуўатын жеткерип бериў тараўы басшылары жасайтуғын көшелер буған кирмейтуғын еди), әсиресе аўыллық жерлерде жасаўшы пуқаралардың жасаў жайларында суткасына 16-18 саатлап  электр токынан үзип қойыў жағдайлары, газ басымының төменлиги машқалалары (бул жағдайлар айырым елатларда бүгинги күнге шекем ушырасады), напақалардың өз ўақтында берилмеўи салдарынан почта хызметкерлериниң изинен шубырған напақадағы адамлардың қоршап жүриўи жағдайлары қалып кеткени-бизиң өткен өмиримиздиң тарийхына айланып баратырғанына қуўанышлымыз.Кем-кемнен камал дегендей, күнлер, айлар өткен сайын жаңаланыўлар, жақсылыққа бағдарлаўшы ҳүкиметлик қарарлар менен Пәрманлардың шығарылыўы арқалы халқымыз буннан да жақсы күнлерден үмит етип жасамақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3268-санлы қарарының 2017-жылға жобаластырылған бөлиминиң орынланыўы бойынша усы жылдың  сентябрь-октябрь айларында №арақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери, ҳәкимликлер, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмәәтлик қоры ҳәм басқа да жәмәәтлик шөлкемлер тәрепинен дүзилген исши топарлар арқалы орынларда кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайлары үйренилип, қарарда белгиленгениндей, оларды үй-жай ҳәм хожалық буйымлары менен тәмийинлеў, үйлерине оңлаў жумысларын жүргизиў, олардың шаңарақ ағзаларын емлеў ямаса дәри-дармақ пенен тәмийинлеў бойынша әмелий жәрдем көрсетилиўи зәрүр болған шаңарақлардың дизими   алынған еди.

Қарардың орынланыўы барысында биринши гезекте кем тәмийинленген шаңарақлардың жасаўы ушын зәрүр болатуғын электр хожалық буйымларын алып бериў, яғный электр печи, шаңтартқыш, газ плитасы, кир жуўыў машинасы менен тәми-йинлеў көрсетилген.

Қарар тийкарында районда үйренип шығылған-кем тәмийинленген 111 шаңараққа жоқарыда аталған төрт атамадағы электр хожалық буйымлары кәсиплик аўқамлары тәрепинен алып келинди.

Райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң залында қайырқорлық акциясы қатнасыўшыларына дәслеп көркем-өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған жаңа жыл алды концерт бағдарламасы қойып берилди. Буннан соң «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмәәтлик қорының районлық бөлими баслығы Ернияз Бегманов, билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық Кеңеси баслығы Анаргүл Әбдиевалар жыйналғанларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйыны турғынларына тийисли саўғаларды таратып берди. Биз жаңа жыл алды Президент саўғасына алыўға миясар болған жерлеслеримиздиң кеўил кеширмелерин бөлистик:

Зернегүл Өтеханова-үй бийкеси. Бул бир шаңарағым ушын күтилмеген саўға болды. Қәдирли Президентимиз Шавкат Мирзиёевке айтар алғысым көп. Әлбетте, мендей перзентлерин бир өзи камалға келтирип атыр-ған анаға исеним билдирип, саўға сәлем берилип атыр екен, мен де өз гезегинде мәмлекетимниң бул итибарына  жуўап ретинде перзентлеримди ўатанымның ертеңи, елимиздиң келешеги ушын бар күш жигерин жумсайтуғын садық  перзентлер етип тәрбиялаўға тырысаман.

Зинахан Сахиева-үй бийкеси. Күтилмегенде өмирлик жолдасым өмирден өтти. Балаларым әкесиниң табысы менен кемлик көрмей өсип атыр еди. Енди бир шаңарақтың тәшўиши өзимниң мойнымда. Усындай кемликли күнимде қоллап-қуўатлап, жеккелигимди сездирмей қайырқомлық етип атырған мәмлекетиме мыңда бир алғыс айтаман.

Айымхан Орымбетова- Мен бүгин газ плитасын саўға етип алып атырман. Буның ушын ел басшымызға, сондай-ақ, шаңарағымның жағдайынан  ҳәр қашанда хабар алып, қолларынан келгенше жәрдемлерин берип жүретуғын аўылласларымнан да миннетдарман. Саўғаның үлкени кишиси болмайды дейди, бирақ мениң шаңарағым ушын бул буйым ең үлкен саўғалардың бири болып қалады. Себеби оны Президентим  берди деп мақтаныш етип жүремиз.     

Мине, усылай етип  ҳәр бир саўға алыўшыда айрықша толқынланыў, өзгеше қуўанышты көрдик. Ал, айырым саўға ийелери болса негедур, бизлерге де алғысларын айтып кетти... 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА