Siyosat АЙЛАНБА ЖОЛЛАРДЫҢ АҚЫБЕТИ

АЙЛАНБА ЖОЛЛАРДЫҢ АҚЫБЕТИ

0
АЙЛАНБА ЖОЛЛАРДЫҢ АҚЫБЕТИ

Ҳәр ким ырысқы-несийбесин өзиниң туўылған жеринен излегени мақул. «Ҳәр жерлерди арзыў етпе, ҳәр жерде бар тас тәрези» деп, даналарымыз бийкарға айтпаған. Ҳәзирги ўақытта көпшилик пуқараларымыз өз елинде тапқан дәраматына қанаат етпей, өзге еллерден молырақ пул табыўды гөзлеп, ақыбетинде ислеген мийнетиниң ҳақысын ала алмай, яки мәмлекет шегарасын бузып өтип, ақыбетинде өзине жынаятшы деген ат тағып атырғанлар қанша. Сизге келтирип өтпекши болған мына  ўақыя да  ойсызлықтың ақыбетинен өз исине пушайман болғанлардың бири ҳаққында. Солардың бири «Дәўқара» АПЖ аймағында жасаўшы пуқара Сапар Еримбетов(аты өзгертип алынды) өзи ислеген қылмысы бойынша суд алдында жуўап бериўине туўра келди.

Судланыўшы С. Еримбетов  ўақытша жумыссыз болғанлықтан бир шаңарақтың ийеси сыпатында пул табыў мақсетинде 2002-жылдан баслап өазақстан Республикасына барып-келип жүрип, жумыс ислеген. Ақырғы мәрте 2010-жылы Ақтаў қаласына барып, 2016-жылы сентябрь айы ақырында милиция хызметкерлери оны услап алып, мәжбүрий тәртипте Қазақстан Республикасы аймағынан Өзбекистан Республикасы аймағына өткерип жиберген. Лекин ол жақта өмирлик жолдасы менен перзенти қалып кеткенлиги себепли және өазақстан Республикасына қайта өтиў мақсетинде мәмлекетимиздиң шегара посты арқалы айланба жоллар менен өазақстан Республикасына барған. Бул жерден 2017-жылы июнь айында және айланба жоллар арқалы өз журтына қайтып келген. Бул жоллардың ақыр ақыбети  судқа барып тақалды. 

Суд С.Еримбетовқа жаза  таярлаўда оның шахсын, шаңарақ жағдайын, қылмысынан пушайман екенлигин, алдын судланбағанын есапқа алып, Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 72-статьясын қоллап,  оған 3 жыл сынақ мүддети белгиленди.

Бул сынақ мүддети оның өзине ҳәм басқаларға да сабақ болады деген үмиттемиз.

 

Зинатдин ИДИЕТУЛЛАЕВ

Район прокурорының ис үйрениўши жәрдемшиси