«ЖЫЛ ҲАЯЛЫ»-МИЛЛИЙЛИКТИҢ ҮЛГИСИ
Биз ҳаялларға инсан жаратыўшысы деп баҳа беремиз. Ҳақыйқатында да ҳаял инсанды дүньяға әкеледи, және оған меҳир береди, дүньяны танытады. Бала емизип отырған ҳаялға бар дыққатыңыз бенен нәзер салып көриң. Гөдегине телмирип бала емизип отырған ананың көзиндеги сүйиништи байқадыңызба, дүньяда буннан артық бахыт, қуўаныш барма?!
Ҳаял-ана, пидайы дийхан, меҳрийбан устаз, әжайып дөретиўши, жанкүйер шыпакер, исбилермен, қолы гүл өнермент, үлгили үй бийкеси. Олар усы сыяқлы жоқары пазыйлетлерди өзинде жәмлеп, шаңараққа шырақ болып, жарытып туратуғын теңи жоқ инсанлар.
Өмир жолларында аўыр сынаўларға дус келсе де ҳеш руўхын түсирместен өзинде бар күшин жумсайтуғын булар-ҳаяллар.
Бүгин турмысымыздың қайсы бир тараўын алып қарасақ та онда ҳаяллардың ерлер менен бир сапта турып, минсиз хызмет атқарып атырғанының гүўасы боламыз.
Турмысымыздың усындай түрли салаларында жемисли мийнет етип атырған ҳаялларымызды хошаметлеў мақсетинде жақында халықтың мәдений дем алыў орайында болып өткен «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының қатнасыўшылары ҳаяллардың нағыз жанкүйер екенлигинен дерек берди.
Таңлаўдың ашылыў мәресиминде район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитети баслығы Айсанем Аллиярова сөзге шығып, ҳаял затының уллылығына және бир мәрте жоқары баҳа берди.
Буннан соң ҳаяллардың билими, дөретиўшилиги, шөлкемлестириўшилик шеберлиги, қол өнери, шаңарақта перзент тәрбиясы, мийрим-шәпәәтлилиги, исбилерменлик уқыбы бойынша ҳәр түрли тараўлардан ең белсенди ҳаял-қызлар анықланып, оларға хошаметлеў саўғалары ҳәм шөл-кемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды. әлбетте олар жуўмақланыў алдында турған «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда миллийлигимизге тән болған қәсийетлери менен заманласлары арасында өрнек көрсеткен ҳаяллар.
Әлбетте бундай таңлаўлар белсенди ҳаял-қызлар санының еле де артыўына ҳәм жумысларында жаңалық жаратыўына түртки болары сөзсиз.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА
СҮЎРЕТТЕ: «Рано шебер» кийим тигиў цехының баслығы Рано Аллашованы сыйлықлаў пайытынан көринис