Siyosat ЖЫНАЯТ ЖАЗАСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

ЖЫНАЯТ ЖАЗАСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

0
ЖЫНАЯТ ЖАЗАСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

1. ЖЫНАЯТШЫЛЫҚ ҚАЙДАН КЕЛИП ШЫFАДЫ?!

Жыллар жылжып өтип бармақта... Бүгинги күнниң нәтийжесин дәрриў ертең  көриўге асығамыз. Ҳәр қандай мийнеттиң де нәтийжеси ерте ме, кеш пе иске асады. Лекин, тек сол күни емес.

Биз усы пикиримиз арқалы, яғный мийнеттиң нәтийжеси дегенде-перзент камалын да нәзерде тутқан едик. Әпиўайы мысал, биз бәримиз аўыл адамларымыз. Бири-биримизди жақсы таныймыз. Тек ғана қоңсы-қобамызды, ағайин-туўғанларды емес, дәрьяның арғы тәрепинде ким турады, берги тәрепинде кимлер жасайды, ҳәттеки ким-кимге қуда тамыр, соларға шекем билип отырамыз. Айырым адамлар бар, пүткил район халқын таныйды десек те қәтелеспеген болармыз. Буның себеби, районымыз онша үлкен емес, халқымыз бурыннан отырықшы болғаннан болар.  

«Бир балаға-жети мәҳәлле ата-ана» деген қанатлы гәп бар халқымызда. Буның тийкарында, өзиңниң перзентиңниң ғана емес, ал қоңсы-қобаңның перзентлериниң тәрбиясы ушын да жуўапкерсең, деген мазмун жатады. Ата-аналардың, жасы үлкенлердиң мойнына үлкен жуўапкершиликти жүклейди. Бул жүдә дурыс пикир. Бир неше жыллар бурын баспа сөзде жәрияланды: Россия мамлекетинде адам өлтириў менен судланған  жынаятшыларға  сораў берилгенде, олардың 90 проценти балалығында күшик, пышық, шымшыққа усаған тири жанларды услап алып урып, азаплап өлтиргенлер болып шыққан. Бул бизиңше дурыс мағлыўмат деп ойлаймыз. Көше бойларында пышықтың баласын яки күшикти кесеклеп атырған, шымшық  ямаса кептерди рогатка менен атып түсирип атырған балалар ушыраспайды дейсизбе? Жаўызлық қайдан келип шығады? Адамның мийримсизлиги, тири жанға берген азабынан рәҳәтлениў-балалықтан қәлиплессе керек? №опал болса да усы жерде ҳаялын аяўсыз сабайтуғын еркеклерди де усы мийримсизлер қатарына жатқарғымыз келеди. Себеби, анасы әкеси тәрепинен қорланғанын көрген перзентте де мийримсизлик, кек усаған унамсыз әдетлердиң қәлиплесиўи  мүмкин емес пе?...

Көпшилик адамлар усындай балаларымыздың тәртипсизликлерине көз жумып та кете беремиз. Жол бойларында тут алып жеў ушын теректиң шақасын сындырып атырған, биреўлер үйиниң әтирапына әкелип таслаған күшиклерден қутылыў ушын ол күшиклерди кесеклеп урып атырған, қусларды азаплап атырған жағдайларға кеўил бөле бермеймиз. Бундай етпе, деген ескертиўлерди еситкен тәртипсиз баланың ҳайран қалыўы да тәбийий, себеби оған бул қәте, деп айтыўшылар жүдә аз санды қурайды. Бир ғана мысал, бурын әтирапымызды толтырып жүретуғын бийҳазар қусымыз есапланған кептерлердиң неге саны жыл емес, күн санап кемейип баратыр? Буның себебин ҳәмме билемиз, бунда жас балаларымыз емес, балаларға ақыл беретуғын үлкенлердиң де белгили дәрежеде айыбы бар. Мине, сизге-«тәрбия». Сонда биз кимге өкпелеўимиз керек?! 

Перзентлеримиздиң саламат өсиўине кеўил бөледи екенбиз, демек оның тәрбиясына да кеўил бөлиўимиз шәрт. Балаларымыздың еле бақша жасынан баслап дурыс аўқатланыў тәртибине кеўил аўдарыў, билим алыўға, спортқа қызықтырыў-ертелик етпейди. Сонлықтан да үй тәрбиясында болған бала менен балалар бақшасына баратуғын балалардың арасында үлкен парық бар. Балалар бақшасындағы қызығыўшылықты мектеп дәўиринде даўам етиў жүдә мақсетке муўапық болады. Буның ушын мектеплеримизде де билим алыўына, спорт пенен шуғылланыўына барлық мүмкиншиликлер бар. Өзимиздиң балалық шағымызды алатуғын болсақ, бундай мүмкиншиликлер болған емес. Қысқы спорт заллары болмағаны ушын да дене тәрбиясы сабағын күнниң  суўығында класста отырып өткеретуғын едик.

Балалар ушын биринши мәселе оқып-билим алыў. Оннан соң бос ўақытларында қосымша тил үйрениў, спорт пенен шуғылланыў, ер балалар усташылықты үйренип, музыка мектеплерине қатнаса, қыз балалар тигиўшиликти үйренсе-буннан ҳеш ким-ата-ана да, перзент те утылмайды, ал утса утыўы мумкин.Себеби, тәртипсизлик, бийзарылық қайдан келип шығады, баланың бос ўақытларында қараўсыз қалыўынан, белгили тәртип режими сақланбағанлықтан, қадағалаў болмағанынан ҳ.т.б.   

   2. «ЖАСЫРЫНБАҚ»  ОЙНАП ЖҮРГЕН ӘКЕЛЕР

Балалығымызда жасырынбақ деген ойын бар еди. Оны ҳәмме жақсы биледи. Жасырынбақ ойнаған жер қанша қурамалы болса да, биз балалар бәри бир таўып алатуғын едик. Себеби, таўмасаң утыласаң, утылыўға арың, намысың жол бермейди.

Ал, ересек адамлар турмысында өлдим-күйдим менен турмыс қурып, арада 2-3 балалы болғаннан кейин минезлери «сәйкес келмей қалып»,  ажырасып кететуғынлар да күн санап көбейип бармақта. Әкениң де, ананың да перзентин камалға келтириўде өз орынлары бар. Усындайда айырым әкелер өз қамарынан дөреген перзенти ушын алимент төлеўден бас тартады. Деген менен нызам алдында бул жуўапкершиликтен узаққа қашып қутыла алмайсаң. Ўақыт өткен сайын перзентлери ушын төленетуғын төлем пулларының муғдары асып,  «жасырынбақ» ойнап жүрген әкелердиң бәри-бир жасырынған жеринен шығып, әкелик қарызларын өндирип төлеўлерине туўра келеди. Енди ол  «көтере алмаған қосып арқалайды»ның кебин кийеди. 

Усындай жасырынғыш әкелерди мысалларда көрсетиў ушын «ҳүким»лерге арқа жүгинсек: Пуқара Н.Жоллыбеков өмирликке жолдас тутқан З.Ю менен бирге көп жасамаған. 2015-жылы туўылған бир перзентине талап еткен алимент пулларын өндире алмай, ақыры судқа мүрәжат еткен. Нәтийжеде бир жылда төлеси пулларының саны 2.758.690 сумға  жеткен.

Пуқара К.Гулмуратов 2008-жылы  З.А менен қос тиклеп,  арадан бес жыл өткен соң бир балалы болғанда өзлери тиклеген қосын өзлери қайта бузады.  Бир перзентине алимент қарызы өз ўақтында төленбегенликтен 19 ай 24 күн ушын 5.019.791 сум деп есапланды.

З.Аўезжанов өзиниң сегиз жыл қослас болған зайыбы З.Т менен еки перзенти еси енип турған пайытта 2014-жылы ажырасады. Бир жыл даўамында алимент өндирип турады да, кейин әке мойынтаўлық етип қашып жүреди. З.Т.ның берген көрсетпеси тийкарында З.Аўезжановтан еки баласы ушын 9.109.160 өндириўге ҳәм жынаяты бойынша жазаға тартыўға ҳүким шығарылды.

 Ал, пуқара Ж.Төремуратовтың ажырасқан ҳаялы Д.Ш.ның тәрбиясындағы үш перзенти ушын алимент қарызы 2015-жылдың июль айынан 2017-жылдың майына шекем 10.031.620 сумды қурағаны ҳәм өз ўақтында алимент пулларын перзентлерине төлемегини ушын тийисли жазасын алды.

 Бундай етип еле де мысаллар келтире бериўимиз мүмкин. Ерли-зайыплылар ажырасса, еки ортада жәбирин перзент тартады. Я әкесиз әке меҳирине зар, яки анасыз тири жетимге айланып, ана меҳирине зар болыўы турған гәп. «Жасырынбақ» ойынын ойнап жүрген әкелер меҳири менен қосып  өз перзенти ушын алимент пулларын бериўди де көзлери қыймай жүргенин қалай түсиниў мүмкин?! «Ининиң үйи иннен тар, сиңлиниң үйи қыннан тар» болып жүрген ажырасқан барлық аналарға, ишкилик, жетпесинлик, тағы басқа сылтаўлар менен хожалығы ўайран болып шашырап жүрген  әкелерге, перзентлериңизди тири жетим етип жалтақлатпаңлар, егер мүмкиншилиги болса қайта қосылып, перзентлериңизди баўырыңызда өзлериңиз биргеликте тәрбиялаңлар, олар сизлер менен ғана толық бахытлы бола алады, дегимиз келеди.

 Биз тек жақсылық тәрепдарымыз.            

3. ӨМИРИМИЗГЕ  ЗАЎАЛ БОЛМАСЫН…

Тынышлық,  қәтержамлық, азатлық деген түсиниклердиң қәдирине ҳәмме теңдей жете бермеймиз. Егер бул сөздиң қәдирине жеткенимизде усы күнге шекем тәкирар-тәкирар айтылып, газета бетлеринде жәрияланып атырған нызамсыз аў мылтықларын сақлаўды әлле қашан-ақ туўарған болар едик. Орынлардағы ишки ислер бөлимине ҳәр ким өз ерки менен алып келип тапсырар ҳәм усы жол менен де жынаятлар саны азаяр еди.

Нызамсыз аў мылтықларын сақлаў арқалы тек ғана бизиң районымыздың өзинде бир неше жынаятлардың келип шыққанын жақсы билемиз. Бул арқалы кимлердиңдур ески жарасын тырнаўдан аўлақпыз. Тийкарғы айтажағымыз, нызамсыз аў мылтықларын жасырын түрде үйлеринде сақлаў жынаятлары сонша ескертиўлерге қарамастан еле даўам етип атыр. Елбасшымыз тәрепинен алып барылып атырған әдил сиясатлардың бири-халықтың тынышлығы жолындағы бундай нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў, халыққа үгит-нәсиятлап барыў-бизиң де ўазыйпамыз болғаны ушын газетамызда нызамсыз бундай ҳәрекетлерге жол қойған пуқаралар ҳаққында жәриялап барыўды даўам ете беремиз.

Айтбай Оңғарбаев «Атакөл» аўылы пуқаралар жыйыны аймағында жасайды. А.Оңғарбаевтың ҳеш қандай рухсатнамасыз, нызамсыз рәўиште бир дана ИЖ-18-Е моделли,  12 калибрли, бир  стволлы Н16674 санлы аў мылтығын сақлап қойғаны анықланды ҳәм мәжбүрий түрде ишки ислер бөлимине есапқа алынды. Қурал ийеси болса жынаят ислегенде айыпланып, нызам тәрепинен тийисли жазасын алды.     

Биз пуқараларға өзиңиздиң ҳәм өзгениң өмириниң қәўетерсиз болыўын қәлесеңиз, еле де үйлериңизде сақлаўлы ҳүжжетсиз аў мылтықларыңыз болса, жергиликли ишки ислер бөлимине алып келгениңиз мақул болады, демекшимиз. 

                                                

               4.  УРЛЫҚТЫҢ СОҢЫ-ҚОРЛЫҚ

Таўып алсаңда ийесине бериўге асық! Жасы үлкенлердиң бул тәрбиясы жүдә орынлы. Ойланып қарасақ, биз жолдан пул таўып алғанда  «жерден жети қоян тапқандай» қуўанамыз. Бирақ пулдың ийесиниң «иши ийт жыртқандай» болып қыйналып атырғанын қыялымызға да келтирмеймиз. Себеби биз «урлық ислемедим, пул өзи алдымнан шықты, ийеси жоқ екен, мен алмасам бәри бир басқа биреў алып кетер еди», деп алдастырамыз. Таўып алған урлыққа жатпайды екен, ал көз көреки басқаның көзиниң тасасын алып күпә-күндиз биреўдиң затын тонап жүргенлерди қалай атаймыз?!

Жылдың басында суўық күнлердиң биринде  Г.О менен К.Б райондағы дийхан базардағы  сомсаханаға  тамақланыўға келеди. Бос орын болмағаны ушын биринши ханада отырған жигиттен бирге отырып тамақланыўға рухсат сорайды. Танысқанының ҳүрметине спиртли ишимликти биргеликте ишип,  мәс ҳалына келеди. Г.О бийтаныс жигит шығып кеткен соң қасындағы жолдасының мәслигинен пайдаланып, оған билдирместен стол үстинде турған 50 мың сумлық бир дана Нокиа-1202 моделли уялы телефонын ҳәм курткасының қалтасынан 270.000 сум пулын урлап алып қояды. Қайтар ўақытта К.Б уялы телефонын излейди. Г.О болса, телефоныңды кеткен бийтаныс жигит алған, деп өз айыбын жасырып, бийгүна адамға жала жабады. Истиң соңында  К.Б ның әкеси араласып, ҳуқық қорғаў орнына арыз етеди. Телефон да, пул да  ийесине қайтарылады. Урлық ислеген Г.О жынайый жуўапкершиликке тартылады.

Урлықтың да, ҳәр қандай жынаяттың да тиккелей себепшисин излесек, бир ғана адамды жолдан урыўшы спиртли ишимликти ҳәдден тыс ишкеннен болып шығады. Сонлықтан да көпти көрген қариялар оны «шайтан суўы» деп бийкарға атамайды. Ҳәттеки шаңарақлардағы жәнжеллер, бузақылық, қулласы ҳәр қандай жеркенишли адамыйлықты умыттыратуғын жат иллетлердиң «атасы» бул ишкилик. Сол спиртли ишимликтиң себебинен неше автоавариялар жүз берип, жазықсыз жанлардың өмирден кетиўине себеп болмақта.

   Тек жүрсең-тоқ жүресең, деген даналық гәп бар халқымызда. Тоқ жүргениң тынышлығың, аманлығың, елиңниң гүллеп жайнаўы, ата-анаңның, перзентлериңниң, туўған-туўысқанларыңның, шаңарағыңның, пүткил жәмийеттиң бахты. Бундай бахытқа ерисиўге, жәмийетимизде жынаятшылықты болдырмаўға ҳәмме теңдей ат салысайық, қәдирли газета оқыўшылар!

5. ҲӘМ УРЫ, ҲӘМ ҮСТЕМ

Районымызда жынаятшылық улыўма санға салыстырғанда алдыңғы жылға қарағанда быйыл кемейди. Бирақ, бурын есапқа  алынбаған биреўдиң намысына тийиў, қастан денеге жеңил жарақат салыў, басқарыў тәртибине қарсы жынаятлардың саны артқаны өкинишли.

Өзи мийнет етиўди жаны сүймейтуғын адамлар болады. Жақсы ки-йингиси, ел қатары жақсы жасағысы, ишип-жегиси келеди.Олар көбинесе урлықты жолдас тутады. Сол урлықтың өзи қайдан пайда болады, деген  саўалға келгенде тубалап қала беремиз. Шаңарақтағы тәрбиядан ба, яки  «қус уясында көргенин» ислейме?

Райондағы 2-санлы мектеп оқыўшыларының таўық урлаў «операция»лары мектеп муғаллимлери тәрепинен бақланып, тийисли орынларға ўақтында билдирилмегенде ҳәм оқыўшылар қадағалаўға алынбағанда,  изи қандай ири урлықларға жалғасарын ким билипти дейсиз?! Сонда бул өримдей жас өспиримлердиң таўықларды урлап алып келип жүргенин ата-аналары, үйиндеги басқа ағзалар билмейди дейсизбе? Перзентиңниң шалыс қәдемин аңламаў ҳеш мүмкин емес. Бәлким, бул өтип кеткен ўақыяны енди жәриялаўдың неге кереги бар, балалардың жүзлерин төмен қаратып, дейтуғынларда бар шығар? Биз бул арқалы ҳәр бир шаңарақ басшыларының перзент тәр-биясында айрықша кеўил бөлиўиниң, ким менен жолдас болды, үйге не алып келип жүр, бос ўақытларында не менен шуғылланады, түнде шығып кетсе қайда барады, деген сораўларға бас қатырыўының, жас өспиримлер менен жасларымыздың усындай тәрбия арқалы тәрбиялы өнип-өсиўиниң тәрепдарымыз.

Урлықтың үлкен-кишиси болмайды. Атакөл аўылында жасаўшы Қазақбай Байниязовтың үйиниң есигин бузып кирген уры да биреўдиң үйине жақсы нийет пенен кирген жоқ. Бир дана тюнерди  урлап қоймай, бир көрпешесине ҳәм еки паласына от жағып кеткен. Не деген инсапсыз уры дең. Биз инсаптан сөйлеп кетиппиз, уры да инсап, ийман не жесин?! Солай емеспе? Урыда ҳийле болады. Бәлким, үй ийелери жай иши өртенип, тюнер де сол себепли жанып кетти деп ойласын дегендур. Бирақ, районлық ишки ислер бөлиминиң тергеў тәрепи олай ойлай қойған жоқ. Сол аймақтың турғыны А.Р  урлық жынаятын ислегенликте айыпланып, қолға алынды ҳәм жынаят иси қозғатылды.    

Биреўдиң мийнет етип тапқан дүньясына көз тигетуғын инсапсызларды биз де аямаймыз. Нызам да аямайды. Олар ҳәр дайым өз жазаларын алып келген ҳәм жаза ала береди.

 

Қәдирбай БЕКМУРАТОВ

Район прокуроры

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА

Журналист