КОНСТИТУЦИЯ-РАЎАЖЛАНЫЎДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЫ
Конституциямызды турмысымызға енгизиў арқалы бүгин елимизде еркин пуқаралық жәмийетти раўажландырыў, халқымыздың турмыс абаданлығын ҳәмде жасаў шараятын жетилистириў, мәмлекетимизди дүньяның ең раўажланған мәмлекетлери қатарына киргизиў мақсет етип қойылғаны бийкарға емес.
Турмысымыздың, жәмийетимиз буўынларының ҳәм мәмлекет негизиниң тийкарлары Конституцияда аңлатылады. Конституция-ҳуқықый нормалар жыйнағы ҳәм социаллық-сиясий, экономикалық, мәнаўий өмир принциплерин аңлататуғын ҳүжжет сыпатында мәмлекетти ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын шараят жаратады.
Бүгин дүнья жүзи бойынша тек ғана 120 мәмлекет өз конституциясына ийе. Усы қатарда, Өзбекистан да өзиниң дүнья стандартларына жуўап беретуғын Конституциясын әмелге енгизди. Өзбекистан Конституциясы дүньядағы ең жетилискен конституциялардың бири болып, ықшамлығы ҳәм кең көлемлилиги, демократиялық принциплери, инсаныйлығы менен айрықша ажыралып турады.
Атап айтқанда, Конституцияның тек ғана бар екенлиги емес, яки оның мәмлекетте әмелге асырып атырған жумысларында ҳәм социаллық мүнәсибетлерди тәртипке салыўда тийкарғы ҳуқықый дерек болып майданға шығыўы-конституциялық раўажланыўдың әҳмийетли тәрепи есапланады.
Бүгин Өзбекистан Республикасы Конституциясы мәмлекетте жасап атырған ҳәр бир пуқара өмириниң мазмунына айланып бармақта. Соның менен бирге, тийкарғы Конституциямызда белгиленген «Өзбекистан Республикасында ¤збекистан Республикасы Конституциясының ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алыныўы» (15-статья), «ҳеш қайсы бир нызам яки норматив ҳуқықый ҳүжжет Конституция нормаларына ҳәм қағыйдаларына қарама-қарсы келиўи мүмкин емеслиги»(16-статья) ҳаққындағы талаплардың орынланыўы арқалы Конституциямыздың социаллық мүнәсибетлерди тәртипке салыўда ҳәм демократиялық өзгерислерде жақсы қатнасып киятырғанын айтып өтиў лазым.
Өзбекистан Республикасы Конституциясы мәмлекетти емес, яки инсанды биринши орынға қойып, инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа тийисли емес ҳуқықларын жоқарғы қәдирият сыпатында кепиллеп қойды.
Улыўма алғанда, Конституциямыздың әҳмийети ҳәм мағанасы ҳаққында сөз еткенде, соны атап айтыў керек, ғәрезсизлик жылларында инсаный демократиялық ҳуқықый мәмлекет, әдалатлы жәмийетти қурыў, инсан мәплерин, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин ең жоқарғы қәдирият сыпатында енгизиў, нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў тараўында қандай нәтийже ҳәм жетискенликлерди қолға киргизген болсақ, олардың барлығы Конституциямызда белгилеп қойылған принцип ҳәм талаплардың әмелий көриниси есапланады.
Fәрезсизлик жыллары социал-экономикалық процесслердиң тезлиги, ўақыя ҳәм ҳәдийселердиң тез раўажланыўына, инсаният тәғдирине болған мүнәсибеттиң өзгериўи менен характерли.
Конституциямыздың ҳәр бабы, ҳәр бир бөлим ҳәм нызамларында инсан ҳуқықлары, ўазыйпалары баян етилген. Оның екинши бөлими инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм ўазыйпаларына арналған.
Онда пуқаралық, шахсый ҳуқық ҳәм еркинликлер, сиясий, социал-экономикалық ҳуқықлар ҳәм олардың кепилликлери толық көрсетилген.
Инсанның шахсый ҳуқық ҳәм еркинликлери дегенде, оның пуқаралығына қарамастан туўылыўы менен ийе болатуғын тәбийий, бирақ басқа шахсқа өткерип болмайтуғын ҳуқық ҳәм еркинликлери жыйындысы түсиниледи. Олар инсанның өмири, ар-намысы, абыройы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўге қаратылған. Шахсый ҳуқық ҳәм еркинлик инсанға тийисли болған басқа ҳуқық ҳәм еркинликлер сыяқлы муқаддес есапланады.
Соның ушын бул ҳуқық ҳәм еркинликлерди беккемлеўши ҳуқықый тийкарлар Конституцияда биринши гезекте берилген.
Пазыл РЕЙМҚУЛОВ
Районлық «Бир айна» орайы директоры