КОНСТИТУЦИЯ БАХЫТ ЫFБАЛЫМЫЗ
Бәршеге мәлим болғанындай, Конституция мәмлекеттиң тийкарғы Нызамы болып, ол конституциялық дүзимди, мәмлекет қурылысы тийкарларын, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы ҳүжжет есапланады.
Усы орында 1992-жылы 8-декабрьде Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилиўи-халқымыздың руўхыйлығы сәўлелениўин тапқан, мәмлекетимиз тарийхында пуқаралардың социаллық-сиясий аңы, дүньяқарасы ҳәм улыўма турмысын түптен өзгерткен әҳмийетли сиясий процесс болды.
Себеби, Конституциямызды ислеп шығыўда дүньяның раўажланған мәмлекетлери тәжирийбеси менен бир қатарда, халқымыздың миллий мәмлекетшилигимизге байланыслы көп мың жыллық идеялары, сол есапта, «Темур тузуклери»ндеги елди басқарыўға байланыслы қағыйдалар да тийкар етип алынды.
Әлбетте, Конституцияны ислеп шығыўда уллы мәмлекетлик ғайраткер, Биринши Президентимиз ҳүрметли Ислам Әбдуғаниевич Каримовтың хызметлери уллы екенлигин бәршемиз жақсы билемиз.
Өз нәўбетинде ол Бас Нызамымыз ҳаққында «Ҳәр қандай жәмийет өз келешегин гөзлеп жасайды ҳәм оның тырнағын илажы барынша беккем жаратыўға ҳәрекет етеди. Сол есапта алып қарайтуғын болсақ, мәмлекетимиз, жәмийетимиз ерискен үлкен жетискенлик бул-Өзбекистан Республикасы Конституциясы болды. Себеби, Конституция жәҳән майданына жаңа суверен мәмлекет-Өзбекистан мәмлекети пайда болып, жасап ҳәм мийнет етип атырғанлығынан дәрек береди»деп үлкен баҳа берген еди.
Конституциямыз шарапаты менен ҳуқықый санамызға заманагөй жаңа демократиялық қәдириятлар, принциплер ҳәм идеялар кирип келди, «суверен мәмлекетшилик», «инсан ҳуқықлары үстинлиги», «пуқаралық жәмийети», «нызам үстинлиги«, «жеке мүлик қол қатылмаслығы», «ҳәр кимниң мүликдар болыў ҳуқықы», «мәмлекет ҳәкимиятының бөлистирилиўи», «сиясий плюрализм» атамалары усылардың қатарына киреди.
Айтып өтиў орынлы, Конституциямыздағы 24 статья пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерине, 4 статья олардың кепилликлерине арналған болса, 6 статья пуқаралардың миннетлери, сондай-ақ мәмлекет басқарыў органларының пуқаралар ҳәм жәмийет алдындағы жуўапкершилигине бағышланған.
Ҳақыйқаттан да, Конституциямыз демократиялық талапларға әмел етилген, ең тийкарғы, инсан ҳуқық ҳәм мәплери. еркинлиги оның тийкарғы бағдарларының бири етип белгиленгенлиги менен ажыралып турады. Өткен жыллар даўамында болса Бас Нызамымыз негизинде қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери усы ўазыйпаларды орынлаўға хызмет етеди.
Буны усы жылдың Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басламасы менен «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп аталғанынан көриўимиз мүмкин.
Буннан тысқары, республикамыздың барлық аймақларында шөлкемлестирилген «Халық қабыллаўханалары» пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў, олардың шешимин табыў арқалы мәмлекетлик органлар ҳәм халық ортасында исенимди және де беккемлеў сыяқлы унамлы өзгерислерди пайда етпекте. Бир сөз бенен айтқанда «Халық мәмлекетлик мекемелерге емес, бәлким мәмлекетлик мекемелер халқымызға хызмет етиўи тийис» деген принцип, мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларының бирине айланды.
Ҳақыйқаттан да тез пәтлер менен раўажланып баратырған дәўир ҳәр биримизден жумысымызға жаңаша қатнаста болыўды ҳәм жаңаша пикирлеўди талап етпекте. Усыннан келип шыққан ҳалда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының қабыл етилиўи елимиз раўажын жаңа басқышқа көтериўдеги әҳмийетли қәдемлерден бири болды.
Стратегияда белгилеп қойылғанындай, мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысын жетилистириў, нызам үстинлиги ҳәм суд-ҳуқық системасын реформалаў, экономиканы ҳәм социаллық саланы буннан былай раўажландырыў, қәўипсизлик, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, терең ойланған өз ара мәпдар ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясатты басқышпа-басқыш даўам еттириў сыяқлы мәселелер раўажланыўымыздың тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп алынды.
Өткен жыллар даўамында биз қандай жетискенликлерге ерискен болсақ, бүгин байрам сыпатында белгиленип атырған Конституциямыз ҳәм оның тийкарында қабыл етилген Нызамларға сөзсиз әмел етилиўиниң нәтийжеси болып есапланады.
Сондай екен, Конституциямыз елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, Ўатанымыз раўажланыўы ҳәм халқымыздың пәраўанлығын және де жетилистириўдиң беккем тийкары болып хызмет етип келмекте.
Қәдирбай БЕКМУРАТОВ
Район прокуроры, әдиллик кеңесшиси