Siyosat ВИДЕОСЕЛЕКТОР МӘЖИЛИСИНЕ ТИЙКАРЛАНДЫ

ВИДЕОСЕЛЕКТОР МӘЖИЛИСИНЕ ТИЙКАРЛАНДЫ

0
ВИДЕОСЕЛЕКТОР МӘЖИЛИСИНЕ ТИЙКАРЛАНДЫ

Усы жылы 15-ноябрь күни Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында ҳуқықбузарлық профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында белгиленген ўазыйпаның орынланыўына, бул бағдарда жүзеге келген  машқалалар ҳәм оларды шешиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өткен еди.

Усы видеоселектор мәжилисинде қойылған талаплардың орынланыўына бағышлап район ҳәкиминиң мәжилислер залында жыйналыс өткерилди.

Елимизде әмелге асырылып атырған ҳәр бир жақсы нийетли ислер халқымыздың пәраўан турмысы, перзентлеримиздиң айдын келешеги ушын алып барылмақта. Президентимиздиң басшылығы менен халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмыс кешириўин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылықлардың саны да, түри де көбейип баратырған бир пайытта оларды болдырмаў илажларын көриў бағдарында жумыс алып баратуғын ўақыт жетти.

Бизиң районымызда жынаятшылық санларда өткен жылға  салыстырғанда 61 ден  31 ге азайғаны менен денеге қасттан орташа аўыр жарақат салыў, намысқа тийиў, ҳүжжетлерди жасырыў, зинаханалық, лаўазымынан пайдаланыў сыяқлы жынаятлар өскен.

Жыйналыста шығып сөйлеген район ҳәкими Ж.Адилов, район прокуроры Қ.Бекмуратов, район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы А.Аллияровалар өз сөзлеринде  аймақлық секторларда жүзеге келген машқалаларды сап-ластырыў, халық ҳәм жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди жолға қойыў, еле де үйме-үй жүрип халықтың машқаласын үйрениў нәтийжесинде шаңарақлар тынышлығын сақлаў, мәмлекетлик уйымлар, зыялылар, мәҳәлле ақсақаллары жумысын бирлестириў арқалы жынаятшылықтың алдын алыўымыз мүмкинлигин  атап  өтти.

Жыйналысқа қатнасқан ҳуқық қорғаў уйымлары менен аймақлық сектор ағзаларына айқын тапсырмалар берилди.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА