Siyosat ОҚЫЎ-ШЫНЫFЫЎЛАР ХАЛЫҚТЫҢ АМАНЛЫFЫ УШЫН

ОҚЫЎ-ШЫНЫFЫЎЛАР ХАЛЫҚТЫҢ АМАНЛЫFЫ УШЫН

0
ОҚЫЎ-ШЫНЫFЫЎЛАР ХАЛЫҚТЫҢ АМАНЛЫFЫ УШЫН

Биз ғалаба хабар қураллары арқалы дүньяның көплеп мәмлекетлеринде  жер силкиниў, күшли даўыл, суў басыў ақыбетинде халықтың бүлгиншиликке ушырап, ал айырымларының апат астында қалып кетип, набыт болғанларының гүўасы болмақтамыз.

«Сақлықта қорлық жоқ» деп, турмысымызда жүз беретуғын тәбийий апатлар, яки техноген түрдеги айрықша жағдайлар жүз бергенде, халық ҳәр қашан бундай жағдайлардан өзин қорғаўға таяр болыўы тийис. Усы мақсетте республикамыз бойлап халықтың айрықша жағдайларға қарсы ҳәрекет етиўге таярлығын күшейтиў мақсетинде илажлар өткерилмекте. Жақында районымызда өарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен тактикалық оқыў-шынығыўлар өткерилди.

Оқыў-шынығыўдың теориялық бөлиминде тәбийий ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлар (аўқатлық затлардан зәҳәрлениў, қутырған ийттиң тислеўи, өрт жүз бергенде, тәбийий газден зәҳәрлениў, ҳәр түрли жарақатланыўлар жүз бергенде биринши медициналық жәрдем көрсетиў) бойынша қәнигелер тәрепинен кең түрде түсиниклер берилди.

Оқыў-шынығыўдың екинши бөлиминде жоқарыдағы ҳәрекетлер жүз берген жағдайлар қәнигелер тәрепинен әмелиятта көрсетип берилди.

22-ноябрь күни саат 06.30 дан саат 08.30 ға шекем районлық телекоммуникация тармағы тәрепинен районлық  басқарыў органы қурамы ҳәм районлық хызметкерлерге «Жыйын»  сигналы берилди. Буннан соң район аймағындағы көркем-өнер ҳәм музыка мектебиниң мәжилислер залында жыйналыс болып өтти. Жыйналысты район ҳәкими, Пуқаралықты қорғаў баслығы  Ж.Адилов басқарып барды.

Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы қәнигелери шығып сөйлеп, әмелий шынығыўлардың өткерилиў тәртиби, ўақты, орны ҳаққында айтып өтти. Буннан соң айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм  жүз бергенде пуқараларға көрсетилетуғын жәрдемлер ҳаққында түсиниклер берилди.

Усы күни 08.30 дан 10.30 ға шекем орайлық спорт майданшасында район ҳәкими, Пуқаралықты қорғаў баслығының дала шараятындағы басқарыў пункти, районлық механизацияласқан жыйма командасы, саўда ҳәм аўқатланыў,  1-меди-          циналық жәрдем отрядлары, ҳәмийше таярлықтағы авария-тиклеў бригадалары ҳәм Қызыл ярым ай жәмийетиниң санитар дружиналары күш ҳәм қуралларының дала шараятында орналасыўы ҳәм жәбирленген халыққа медициналық жәрдем көрсетиў илажлары өткерилди.

Илажда 358 адам, 32 техникалық күш ҳәм қураллар қатнастырылды.

Сондай-ақ, усы күни аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде «Тәбийий түрдеги айрықша жағдайлар жүз бергенде колледж жәмәәти ҳәм оқыўшылардың ҳәрекетлери» мазмунында «Пуқаралықты қорғаў күни» илажлары өткерилди. Бундай илажлар басқа да орынларда болып өтти.

23-ноябрь күни «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында шөлкемлестирилген кеўилли қутқарыўшылар топары қатнасыўында жер силкиниўи ақыбетинде аймақта пайда болған бүлгиншиликлердиң ақыбетинде жәбирленген халықты излеп табыў ҳәм қутқарыў жумыслары әмелге асырылды.

24-ноябрь күни 3-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде «Пуқаралықты қорғаў күни» илажлары да шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди.

Қулласы  районда өткерилген оқыў-шынығыў илажларынан халық бундай айрықша жағдайларға қарсы гүресиўге ҳәрекет етиўде бир қанша түсиниклерге ийе болды.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА