Siyosat АТА КӘСИБИН АРДАҚЛАП...

АТА КӘСИБИН АРДАҚЛАП...

0
АТА КӘСИБИН АРДАҚЛАП...

«Уяда нени көрсе-ушқанда соны ислейди». Бул халқымыздың қуслар арқалы инсанларға берген тәрийпи. Арамызда ата кәсибине ҳәўес етип, ата кәсибин меңгерип алғанлар канша?! «Уя»да  көргенин тәкирарлап, халықтың алғысына бөленип жүрген перзентлер де баршылық.

12-ноябрь-медицина хызметкерлери  байрамы  алдынан райондағы медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Ықлас Палўанов пенен сәўбетте болып, газетамызға бирлеспеңиз мақтаныш ететуғын шыпакерлериңизди атап өтиң,  дегенимизге ол: «Батыр аға ҳаққында жазың» деп баслады. Бас шыпакердиң сөзинен соң ерксиз жоқарыдағы мақал ядыма келди.

Көпшилик пайытта  емлеўхананың екинши қабатына көтерилгенде бир көриниске гүўа бола беремиз. Есик артындағы отырғышта толған адам, аўызда және адамлар. Олардың бәри я операция болып атырған яки жағдайы  аўыр болған наўқастың тилегин тилеп турған жақынлары болады. Бәри де бир алладан соң, шыпакерге исенип турады. Яғный, наўқастың тәғдири жаратыўшы алладан кейин шыпакердиң қолында екенин бәримиз жақсы билемиз. Шыпакердиң қалтыс кеткен бир исиниң өзи инсанды бул өмирден айырып таслаўы да мүмкин. Сонлықтан да шыпакерден ҳәр бир исинде пуқталық, жуўапкершилик талап етиледи. Шыпакерлер буған әмел етеди де. Лекин, шыпакердиң жыллар бойы алған билими жетерли, өзи қәбилетли, излениўшең болса ғана халқы арасында абырой мәртебели болып, наўқаслар өзи аяғы менен излеп барады. Билимли шыпакердиң аты оза  шапқан шабандоздай тиллерден тиллерге өтип, көпшиликтиң ядында қалады. Бундай шыпакерлер саны тилекке қарсы жүдә көп емес...     

Райондағы емлеўхананың қыстаўлы медициналық  жәрдем бөлими меңгериўшиси Батыр Айтеков биз тәрийплегендей, көпшилик наўқасларды операция жолы менен бул өмирге қайтарған, қайта өмир сыйлаған танымалы шыпакерлердиң бири. 5-санлы мектепти питкергенине быйыл 30 жыл, Ташкент медицина институтын (ҳәзирги Ташкент медицина академиясы) питкергенине 20 жыл болған хирург-шыпакердиң өмир жоллары дым узақ болмаса да, адамға берилген өмирдиң өлшемли екенин есапқа алатуғын болсақ, он жыл мектепте билим алыў, он жылдың еки жылы әскерликте хызмет етиўден басланып, медицина тараўын ийелеў ушын жоқарғы оқыў орнында билим алыўға ҳәрекетте болыў, жигирма жылда алған теориялық  билимлерин  әме-лиятта қолланыў арқалы тәжирийбе топлай келе, кешеги жас шыпакер деп жүрген жигитимизде бүгин елиў жасты алқымлап қалыпты. Бул жыллар болса Батырдың тәжирийбесин молайтып, аўылласларының  өзине деген исенимин арттырып атыр.  

Шыпакерлер шаңарағында дүньяға келген Батырдың кәсип таңлаўына ата-анасының кәсиби биринши себепши екенин қаҳарманымыздың өзи де мойынлайды.Оқыў орнын питкерип келип, 1997-жылы интернаны академик В.Вахидов атындағы хирургия орайының Нөкис филиалында өткерген дәўирин-жаңа өмирге жаңа қәдеми сыпатында қәдирлейди. Ол жерде устазлары Аман Ещанов, Парахат Пиримбетовлардан әмелий тәлим алғанын мақтаныш етеди. Райондағы көп тармақлы поликлиникада бир жыл ислеп, оннан кейинги турақлы жумыс орны болған  қыстаўлы медицина бөлиминде мийнет етип, өмирдеги ҳәм әкеси ҳәм устазы Қанияз Айтековтан медицинаның, соның ишинде хирургияның сан мың сырларын үйренди. Тәжирийбе топлап, бүгинги күнде Ықлас Палўанов пенен Мухтар Медетбековтай шәкиртлерге устазлық етиў дәрежесине жетти. Жас шыпакер Абат Есенбаев та олардың қатарына қосылып атырған, талапшаң жас қәнийге екенин айтып өтти. 

-Халқымыздың медицина мәденияты дым жоқары деп те айта алмайман,-дейди Батыр биз бенен болған сәўбетте. Олай дегенимниң себеби, айырым наў-қаслар аўырыўы өтлесип кеткеннен кейин бизге көриниўге келеди. Өтлесип кеткен аўырыўдың  айығып кетиўи де еки талай. Ҳәм өзиниң өмирине қәўип туўдырады, ҳәм бизиң жумысымызды қыйынластырады. Сонлықтанда ҳәр ким өз денсаўлығына итибарлы болыўын, өзинде гүман туўылса, аўырыўды сезе баслаған күннен кешикпей, алдын алып көриниўин биз ҳәр бир шыпакер қәлеймиз.

Ҳақыйқатында да, биз бендешилик етип өзимизди ҳүрмет етпей, денсаўлығымызға кеўил бөлмей қоямыз. Шыпакердиң сөзлеринен соң қоңсы ағайдың, «Асқазанымның тусында бир исик бар» деген гәплери, буннан кейинде бир жылға шамалас ўақыт емлениўге бармай, бул өмирде питпейтуғын үй тирлиги менен араласып жүре бергени, лекин аўырыў ўақты келгенде өз күшин көрсетип, көп жатпай өмирден көз жумғанын ерксиз еследим.       

Бизиң сәўбетимиз шыпакердиң және бир аўыр жағдайда жатырған наўқастан хабар алыўы менен жуўмақланды.Әлбетте, көп сораўлар берип, шыпакерди иркиў, оның ўақтын алыў әдалаттан емес. Себеби, есик артында тилекши болып турған қара көзлер, жан таласта өмир менен өлим арасында жатырған қәстениң бар үмити усы шыпакерден екенин журналист жүреги де жақсы сезеди...

Шыпакерлер шаңарағынан шыққан және бир шыпакерлер шаңарағының басшысы Батыр Айтековтың өмирлик жолдасы Света Жоллыбекова  УЗИ шыпакери. Шаңарақта тәрбияланып атырған үш қыздың туңғышы Гулидиң де әрманы келеси жылы кәсип-өнер колледжин питкерип медицина институтында билим алыў.

Әлбетте, «қус уясында көргенин ислейди»...  

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА