АҚ ХАЛАТЫ АРЗЫЎ-ӘРМАНЫ
Турғанбай аға менен Гүлзийра апаның өмири қара мийнет пенен өтти. Өзлери оқымады. Перзентлериниң оқымыслы болғанын қәлеген шығар, ҳәр бириниң билим аламан дегенлерине қолларынан келгенше мүмкиншиликлер жаратып берди. Әсиресе, «киси баласы» болып кететуғын қызларының қатарынан кем болмаўын тиледи. Ата-ананың тилеги перзентлериниң ықласы менен ғана орынланатуғыны белгили. Оларда инта, билимге қызығыўшылық болыўы керек. Бирақ, мектепке бала қәдем қойған күннен баслап ата-ана оның оқыўын қадағалап, ҳәр күни жәрдем берип, жақсы баҳалар алса марапатлап барған күнде ғана баланың билимге ықласы оянып, билимлери жәмлене береди. Буны өзимиздиң тәрбиямыз мысалында да көрип жүрмиз. Сегиз перзенттиң бири Мерихан қәпелимде наўқасланып қалып, оның аўырыўына өтлесип кеткени ушын ем қонбады. Қурөзек кесели 12 жасар нәрестени әйле-пәйлесине қаратпай, әке-шешесин, туўысқанларын зар жылатып, алып кетти. Қәпелимде жоқ болған баўырын излеп боз боран болып жыласқан апалы-сиңлилердиң екиншиси Дариханың жүрегинде: «Неге сиңлимди докторлар аман алып қала алмады?» деген сораў бир өмирге қатып қалды. Бул сораў Дариханың келешекте шыпакер болыўым керек, наўқасларды емлеп, өмирге қайтарыўым керек, деп алдына мақсетлер қойыўына, еки жыл оқыўдан жығылса да қайта таярланып, әрманына жетиўге талпыныўына түртки болды. Ни-йети жолдасы болып, 1986-жылы Ташкентте аўыл хожалығы институтында билим алып атырған әжапасы Гүлистанның изинен Дариха да өз нийетине жетип, Ташкент медицина институтының емлеў иси факультетине оқыўға кирди. Еки жылдан соң сиңлиси Дәме фармацевтика институтына, оның изинен кишиси Тәжихан биология пәни бойынша жоқары оқыў орнына түсти. Халқымызда «Үлкен арба қайдан жүрсе, киши арба да изине ереди» деген қанатлы сөз бар. Турғанбай Иззетовтың қызлары, оның изинен ул балалары усылай етип кәсип таңлады. Бүгинги күнде ҳәр бириниң өз отаўы, өз перзентлери бар үйли-жайлы болып кетти. Әке пақыр перзентлери алдындағы барлық әкелик қарызын өтеп, кеўли жайланып шын дүньяға жол алса, перзентлердиң анасы олардың рәҳәтине бөленип, ақлық шаўлықлардың қоршаўында бахытлы ғаррылық дәўранын сүрмекте.
-Келиншек дәўиринен бизлердиң тәшўишимиз бенен жасаған анамды өзимниң атымнан жоллама алып, «Бостан» санаторийсына жибердим,-дейди Дариха Иззетова оның менен ушырасқанымызда. Мен жумыстан шыға алмайман, ең болмаса анам дем алып, ем алып келсин дедим. Наўқасларды емлеп, көпшилигиниң алғысына бөленип жүргенимиз де сол ата-анамыздың арқасы ғой. Саўалып, үйлерине қайтып баратырған адамлар «рахмет, қолларыңыз дәрт көрмесин!» деген тилекте кетсе, мийнетимниң баҳаланғаны, ата-анамның, қала берди устазларымның мийнетин ақлап атырман, деп ойлайман. Кәсибимди мақтаныш етемен, оннан рәҳәтленемен. Ал, наўқасын өтлестирип алғанлар келсе, қатты қыйналамыз. Олар менен қосыла өлип-тирилемиз. Мәселен инфаркт кеселлиги менен аўырған наўқаслар аўырыў басланғаннан дәслепки 6-12 саат ишинде бизге хабар берсе, дәрриў ықтыят шараларын көриўге, наўқасты даўалаўға болады. Ал, ўақыт өткерип, үйде жатып алғанлардың жағдайы аўырласып, өмирге қайтарыўда көп қыйыншылықларға ушыраймыз.
Шыпакер достымыз дурыс айтады. Адам өзин жақсы көрип жасаўы, денсаўлығына бийпарық болмаўы керек. Биз өзимиз не қылар дейсең, деген бийпарўалығымыз арқалы өзимизди де, шыпакерлерди де қыйнап қоямыз.
Дәслепки билимди мектеп партасында Муслима Шалабаева ҳәм Жалдыбай Хидуановлардан алған терапевт-шыпакер Дариха Иззетова бүгинги күнде Шерзод Тәжибаев, Зульфия Дәнеғулова ҳәм Дильноза Вайсовалардың устазы. 1992-жылы оқыў орнын питкерип келип, дәслепки мийнет жолын республикалық емлеўханада баслаған Дариха Иззетова соң районлық поликлиникада аймақлық шыпакер болып иследи. Райондағы медицина бирлеспесиниң терапия бөлимин бираз жыллардан бери басқарып атыр. «Ана көрген тон пишер» демекши, қызы Нигара да болажақ шыпакер. Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының питкериўши курсында билим алып атыр. Улы Хуршид еле мектеп партасында.
-Мен кәсибимди жанымдай сүйемен, оннан жалықпайман да, шаршамайман,-деп кәсибин мақтаныш ететуғын шыпакер Дариха Иззетоваға, биз де халық саламатлығы жолында ҳеш шаршамаң, дегимиз келеди.
Гүлнара Бегдуллаева