Siyosat МӘҲӘЛЛЕЛЕРДЕ РУЎХЫЙ-АFАРТЫЎШЫЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫН КҮШЕЙТИЎГЕ АРНАЛДЫ

МӘҲӘЛЛЕЛЕРДЕ РУЎХЫЙ-АFАРТЫЎШЫЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫН КҮШЕЙТИЎГЕ АРНАЛДЫ

0
МӘҲӘЛЛЕЛЕРДЕ РУЎХЫЙ-АFАРТЫЎШЫЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫН КҮШЕЙТИЎГЕ АРНАЛДЫ

Бүгин қайсы бир аймақ, қайсы бир мәҳәллеге бармайық, тынышлық, пәраўанлық ҳүким сүрип турғанының гүўасы боламыз. Бул әлбетте сол жерде жасап атырған халықтың аўызбиршилигинде, бир жағадан бас шығарып, мийнет етип атырғанының нәтийжеси деп билемиз. Солай да арамызда тынышсыз шаңарақлар, жынаятшылық, қызлар арасында ерте турмыс қурыў, ажырымлардың көбейиўи сыяқлы халықтың руўхыятына кери тәсир етиўши жағдайлар ушырасады. Сонлықтан да Президентимиздиң адамлар арасына кирип барыў, ҳәр бир үйге барып, халықтың дәртин тыңлаў кереклиги ҳаққындағы үгитлериниң негизинде үлкен мәни бар.

«Бир қумалақ бир қазан асты шириткен»дей, бир жаманның кесири пүткил мәҳәллеге  дақ келтиреди.Сонлықтан арамызда  усындай тынышсыз, қыңыр жолдан жүриўши пуқаралар болса, оларды биле тура қол қаўсырып отырмастан, мәҳәлле бир болып туўры жолға салыў талап етиледи.  Усындай жағдайларда кексе жастағы нураныйлардың жаслар тәрбиясы менен байланыслы өмир тәжирийбесинен өнимли пайдаланыў ҳәр қашанда үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы мәҳәлле институтын жетилистириўдиң әҳмийетли жөнелислерин белгилеп берди.  Президентимиздиң арнаўлы пәрманда белгилеп берген ўазыйпаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Президент Аппаратының жуўаплы хызметкерлери тәрепинен усы жылдың 1-2-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында «Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық жумысларын күшейттириўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизми»  атамасында оқыў-семинарларын өткериў режелестирилген еди.

 Усы мақсетте Өзбекистан Республикасы Президенти Аппараты жуўаплы хызметкери Абдужалий Тўраевтиң басшылығындағы исши топар ағзалары райондағы балалар музыка ҳәм өнер мектебинде оқыў-семинар өткерди.

Семинар жумысын район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Оразбай Генжемуратов кирис сөзи менен ашты ҳәм басқарып барды.

Семинарға барлық пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәсләҳәтшилер, пуқаралар жыйынлары жумысларын муўапықластырыў бойынша районлық Кеңес ағзалары,  халық билимлендириў бөлими ҳәм жәмәәтлик шөлкемлер, орта билим бериў мектеплери ҳәм кәсип-өнер колледж директорлары, олардың руўхыйлық ислери бойынша орынбасарлары, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, «Нураный» қоры, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси басшылары, профилактика инспекторлары  қатнасты.

Дәслеп Өзбекистан Республикасы  Президенти Аппараты жуўаплы хызметкери Абдужалий Тўраев сөзге шығып, Мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық жумысларын жанландырыў ҳәм жоқарыда аты аталған арнаўлы Пәрманда орынланыўы тийис болған ўазыйпалар, мәҳәлле белсендилериниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының орынлардағы бөлимлери менен өз-ара бирге ислесиўин және де күшейттириў лазымлығын атап өтти.

Буннан соң Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша өарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының диний тәлим ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Нурылла Жамалов, район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитети баслығы Айсәнем Аллияровалар   шығып сөйледи.

Оқыў-семинар қатнасыўшылардың қызықтырған сораўлары менен мазмунлы даўам етти.

Әлбетте, бул өткерилген оқыў-семинар халықтың арасында тынышлықты беккемлеў, жаслардың руўхый дүньясын байытыўда үлкен әҳмийетке ийе болары сөзсиз.

Муҳабббат ИЗИМБЕТОВА