Siyosat ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ

0
ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ

Исбилерменлик-дәўирдиң талабы. Солай екен, бүгинги күнде елимизде жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыўға үлкен дыққат қаратылып, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында тараўда нәтийжели жумыслар әмелге аспақта. Жыл сайын тараўдың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилип, исбилерменлерге ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер кеңейттирилмекте.

Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили Дилмурад Қосимовтың басшылығында  районлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң мәжилислер залында ушырасыў мәжилиси болып өтти.

Мәжилиске район турмысында ҳәр қыйлы тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер, районлық мәмлекетлик салық инспекциясы, сектор басшылары, районлық коммерциялық банклер, «Бир айна» ҳәм исбилерменликке көмеклесиў орайлары, кадастр, архитектура, статистика, электр энергиясы, газ тәмийнаты, ишимлик суўы менен тәмийинлеў бөлими баслықлары қатнасты.

Мәжилисти район ҳәкими Жамбул Адилов алып барды.

Мәжилисте  айырым исбилерменлер өзлериниң талапларын иркинишсиз жүргизиўде жолына тосық болып атырған машқалаларын ортаға қойды. Атап айтқанда, жеке исбилермен Сабыр Абдикаримов әмелге асырылмаған кредити бойынша, Турсынбек Қазбеков салық төлемлериндеги наразылығы менен бирге «Абдибек-Тахта» жеке кәрханасына тийисли нанбайханаға ун өнимлери мөлшери еле де кем екени, оны көбейтиў мүмкиншилиги, Света Қадиралиева үй қапталынан ашылған сомсахана жумысларын еле де раўажландырыў мақсетинде кредит алыў, Айтбай Нуратдинов халыққа хызмет көрсетип атырған стомотология орайын еле де кеңейтиў ушын  ҳәзирги күнде жаңа имарат  таярлап атырғанын, орайдан келешекте емлеўдиң басқа түрлерин кеңейтиў ушын «Асака»  банктен сораған кредитин алыўда алты айдан бери әўере сарсаңға салып қойғанын, Наргиза Нуратдинова менен Пахретдин Жаўмытбаевлар да өзлериниң исбилерменлик талапларын, ондағы машқалаларды шешиўде  әмелий жәрдем кереклигин айтып өтти.

Өз гезегинде машқалалар Д.Қосимовтың басшылығында тыңланды ҳәм тийисли орынлар арқалы шешиў мүмкиншилиги қарастырылатуғыны атап өтилди.

                                                     

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА