Siyosat ИСБИЛЕРМЕН ӨЗ ҲУҚЫҚЫН ТИКЛЕДИ

ИСБИЛЕРМЕН ӨЗ ҲУҚЫҚЫН ТИКЛЕДИ

0
ИСБИЛЕРМЕН ӨЗ ҲУҚЫҚЫН ТИКЛЕДИ

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине Шымбай районында исбилерменлик ҳәрекетин  әмелге асырып атырған жеке исбилермен «Ниязымбетов Азамат Азатович» мүрәжат етип, онда 2017-жыл 2-июнь күни Шымбай районы мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен өткерилген қысқа мүддетли тексериўге наразылығын билдирди.

Бул мүрәжатқа тийкарланып, Әдиллик министрлигиниң исбилерменлик су-бъектлери ҳәм сырт ел инвестицияларын ҳуқықый қорғаў бөлими хызметкерлери тексериў алып барды. Тексериў барысында салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен исбилерменлик субъект қарсысына топланған ҳүжжетлери үйренилди.

Исбилерменлик субъектинде тексериўди өткерген Шымбай районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери П.Дәўенов ҳәм И.Балтабаевлар тексериў барысында Өзбекистан Республикасының  «Хожалық жүргизиўши субъектлер искерлигин мәмлекет тәрепинен қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамы талапларын бузыў жағдайлары анықланып, олардың ҳәрекетлеринде «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы  кодексиниң  2412-статьясында белгиленген ҳуқықбузарлық белгилери бар болып, сол себепли салық инспекциясы хызметкерлерине ҳәкимшилик баянлама дүзилди.

Шымбай районы ҳәкимшилик судының усы жыл 12-июль ҳәм 17-июль күнги шешимлерине тийкарланып, П.Дәўенов пенен И.Балтабаевлардың ҳәр бирине ең кем ис ҳақының 3 есеси муғдарында жәрийма жазасы қолланылды.

Буннан тысқары, усы тексериў нәтийжесинде салық инспекциясы тәрепинен жеке исбилермен «Ниязымбетов Азамат Азатович»қа финанслық санкциясын қоллаў ҳаққындағы шешими үйренилип, бунда Өзбекистан Республикасы Салық кодексиниң талаплары бузылыў жағдайы анықланып, финанслық санкцияны қоллаў ҳаққындағы шешимди бийкарлаў ушын судқа даўа арза киргизилди.

Шымбай районы ҳәкимшилик судының усы жыл 12-август күнги бийлигине тийкарланып Шымбай районы мәмлекетлик салық  инспекциясының жеке исбилермен  «Ниязымбетов Азамат Азатович»қа  финанслық санкцияны қоллаў ҳаққындағы шешими бийкар етилип, исбилерменлик субъекттиң ҳуқықлары толығы менен тикленди.

 

Баҳадыр ДАЎЛЕТИЯРОВ

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң исбилерменлик субъектлери ҳәм сырт ел инвестицияларын ҳуқықый қорғаў бөлими баслығы