Siyosat ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ҲУҚЫҚЛАРЫН ҚОРҒАЎ МАҚСЕТИНДЕ

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ҲУҚЫҚЛАРЫН ҚОРҒАЎ МАҚСЕТИНДЕ

0
ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ҲУҚЫҚЛАРЫН  ҚОРҒАЎ МАҚСЕТИНДЕ

2017-жыл 29-август күниӨзбекистан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында”ғы 440-санлы Өзбекистан Республикасы Нызамы қабылланды.

Усы Нызам бойынша исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша  ўәкил искерлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары төмендегилерден ибарат:

исбилерменлик искерлигин раўажландырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин  қорғаў тараўында мәмлекет сиясатын қәлиплестириў ҳәмде әмелге асырыўда қатнасыў;

мәмлекетлик органлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплерине әмел етиў ўәкиллигине бақлаўды әмелге асырыў;

исбилерменлик субъектлериниң искерлигин тексериў әмелге асырылып атырылғанда оларды ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў;

исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери нормалары ҳәм талапларының әмелде ислениўин тексериў;

қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң исбилерменлик искерлигин әмелге асырыўға тәсири нәтийжелилигин баҳалаў;

исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый кепилликлерин беккемлеўге, оларды раўажландырыўды қоллап қуўатлаўшы нызам ҳүжжетлерин раўажландырыўға қаратылған усыныслар таярлаў болып есапланады.

Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкил өз искерлигин әмелге асырыўда:

Өзбекистан Республикасының Конститу-циясы ҳәм нызамларына әмел етиўи, өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўы;

мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылып атырған искерлигине араласпаўы;

мәмлекет органларының ҳәм басқа шөлкемлердиң искерлигинде тосықларды жүзеге келтирмеў;

мәмлекет сырларын яки нызам менен қорғалатуғын басқа сыр есапланатуғын мағлыўматларды қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларына әмел етиўи;

шағым етиўшиниң арызларының көрип шығыў нәтийжелери ҳаққында хабардар етиўи шәрт.

Исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилге берилетуғын арызларға қо-йылатуғын талаплар төмендегише:

Арызда арза бериўшиниң фамилиясы (аты, әкесиниң аты), оның жасаў орны ҳаққындағы мағлыўматлар, арыз юридикалық шахс тәрептен берилген болса, оның толық аты, жайласқан жери (почта мәнзили) ҳаққында мағлыўматлар көрсетилген болыўы керек.

Арызда қарарлары, ҳәрекетлери, ҳәрекетсизлиги үстинен арыз етилген мәмлекетлик органның яки басқа шөлкемниң аты, лаўазымлы шахстың фамилиясы (аты, әкесиниң аты) көрсетиледи. Арыз етиўшиниң пикиринше, оның ҳуқықларын бузған қарарлардың, ҳәрекетлериниң яки ҳәрекетсизлигиниң мазмуны баян етиледи.  

Улыўма алғанда Нызамның мақсети Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилдиң хызметин тәртипке салыўдан ибарат. 

 

 

Ю.ЕРЖАНОВ

Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлигиниң шәртнамалық-ҳуқықый ислерди қадағалаў бөлими аға мәсләҳәтшиси