Өзбекистан-Қазақстан: Дослық қарым-қатнасықлары беккемлениўде. БИЛИМ БЕРИЎ ТАРАЎЫНДАFЫ ЖАҢАЛЫҚ
Fәрезсизлик жылларында елимизде миллетлер аралық қарым-қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқыш басланды. Инсаныйлық пенен адамгершилик мәдениятты раўажландырыў, миллетлераралық және пуқаралараралық аўызбиршиликти, татыўлықты беккемлеў, жас әўладты сол арқалы Ўатанға муҳаббат, садықлық руўхында тәрбиялаў-Өзбекистанда мәмлекетлик сиясаттың ең баслы бағдарларының бири етип белгиленди. әлбетте, буның барлығы турмыста өз көринисин тапты.
Бүгин елимизде 130 дан аслам миллет пенен халық ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей тыныш ҳәм татыў турмыс кеширмекте. Олар улыўма үйимиз болған-Өзбекистанның раўажланыўы жолында бирлесип, барлық салаларда пидайылық пенен мийнет етпекте. Раўажланған базар экономикасы менен күшли пуқаралық жәмийетке тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўға өзлериниң ылайықлы үлесин қоспақта.
Елимизде этникалық өзгешеликти раўажландырыўда, сондай-ақ, миллетлераралық қарым-қатнасықларды беккемлеўде 137 миллий мәдений орайлар жетекши хызмет атқарады. Биринши Президентимиз И.Каримовтың басшылық еткен дәўирлеринен киятырған Өзбекистан-өазақстан арасындағы дослық, татыўлық-бүгин еки ел арасындағы қарым-қатнасқа кең жол ашып, барлық тараўларда айқын көзге түспекте. әсиресе, ғәрезсизлик жылларында экономиканың, социаллық турмыстың анық талапларынан келип шығып, елимизде жоқары билим бериў системасын модернизациялаў, оған оқытыўдың заманагөй формасы менен технологияларын енгизиў, кадрлар таярлаў бойынша қәнигелик бағдарларды жетилистириў барысында салмақлы ислер алып барылмақта.
-Быйылғы жылы Ташкент қаласында талантлы, қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде өазақ мәмлекетлик қызлар педагогикалық университети тәрепинен «Ыбырай Алтынсарин-2017» халықаралық пәнлер олимпиадасы өткерилген еди. Оған республикамыздан 47 оқыўшы қатнасып, грант негизинде оқыўға түсиўге миясар болды-дейди Өзбекистандағы өазақ миллий-мәдений орайының Билим және илим бөлими баслығы орынбасары Клара Сәдирбаева биз бенен болған сәўбетте. Сондай-ақ, 25-август күни миллий орай тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында көргизбе шөл-кемлестирилип, сәўбетлесиў негизинде Нөкистен 18, Хожелиден еки бала М.Тынышбаев атындағы қазақ транспорт ҳәм коммунакациялар академиясының сыртқы бөлимине оқыўға түсти. Студентлер оқыўды тамамлағаннан соң 100 пайыз жумыс пенен тәмийинленеди. Студент болыўға ерискен жаслардан атап өтетуғын болсақ, Қәллибек Сәдирбаев Қорқыт-ата атындағы Қызыл Орда мәмлекетлик университетине, Улзада Көмекова-Қазақ мәмлекетлик қызлар педагогикалық университетине, Баўыржан Хусанов,Саламат Жумабаев, Азамат Жумабаев, Асылбек Сәрсенбаев, Шухрат Караматдинов, Қуўантай Нурмановлар М.Тынышбаев атындағы қазақ транспорт коммуникация лар академиясының студенти болды.
-Балам Дәўран Абдуллаев-академияның сыртқы бөлимине оқыўға түсти,-дейди үлкен қуўаныш пенен ата-анасы Баҳадыр Жумамуратов ҳәм Рано Дошымбаевалар. -Бул жасларымыз ушын жаратылған айрықша итибар ҳәм ғамхорлықтың бир белгиси деп билемиз.
Өзбек ҳәм қазақ халықлары әзелден қоңсы жасаған, дос ҳәм ағайин болған. Президентимиз басламасы менен еки ел арасындағы байланысларға кеңнен жол ашылғаны өз-ара қарым-қатнасықларды еле де беккемлейди. Өзлериниң қәлеген мәмлекетинде, қәлеген оқыў орнында билим алыў ҳуқықына ийе болған ғәрезсиз елимиздиң бахытлы жаслары ертеңги күни елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан гүллеп-раўажланыўына өзлериниң билим ҳәм тәжирийбесин аянбай жумсай береди.
Тилеўхан ШӘМЕКОВА
«Нурлы жол» газетасының арнаўлы хабаршысы