ПӘРМАН-АЎЫЛ ХОЖАЛЫFЫНДАFЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ РЕФОРМАЛАРДЫ ЖАҢА БАСҚЫШҚА АЛЫП ШЫFАДЫ
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Фермер, дийхан ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егин жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы кабыл етилген Пәрманы елимизде ҳәрекет етип турған барлық дийхан фермер хожалыклары, пүткил аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.
Ҳақыйқатында да елимиздиң экономикалық турақлылығын ҳәм халықтың мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеўде фермер дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын қолайлы исбилерменлик шараятларын жаратыў олардың жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мәселеси айрықша орын ийелейди.
Мәмлекетимизде аўыл хожалығы тараўын еледе жанландырыў мақсетинде көплеген имканиятлар жаратылмақта. Фермерлеримиз жеңиллетилген кредитлер менен тәмийинленип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар реформалар әмелге асырылып атыр.
Барлық жағдайлар жаратылған фермер хожалықлары аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы тийкарғы субъектке айланды деп толық айта аламыз.
Бул Пәрманда аўыл хожалығы тараўындағы жүз берип атырған айырым тосықларды болдырмаў, тараў жумысларын раўажландырыў бағдарында кең көлемли жөнелислер белгиленген.
Өз гезегинде, бул ўазыйпалардың туўры ҳәм анық, кешиктирилместен өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў әлбетте тараўдың жумысларының жанланыўына беккем тийкар болады.
Усындай мол имканиятлар жаратылған елде жасап атыр екенбиз, бизиңде үлкен жуўапкершиликти сезинген ҳалда жумысларымызды дурыс жолға қойыўымыз баслы мақсетимиз болып саналады.
Аўыл хожалығына қәнийгелестирилген бизиң районымызда да ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы тараўының жумыслары турақлы түрде әмелге асырылмақта. Район бойынша бүгинги күнде 211 фермер хожалығы болып, олар 49902,3 гектар жер майданларынан пайдаланбақта.
Атап айтқанда, пахта, ғәллешилик бойынша 184 фермер хожалығы, мийўе ғәллешилик бойынша 2 фермер хожалығы, бағшылық бойынша 5 фермер хожалығы, жүзимгершилик бойынша 1 фермер хожалығы, мийўе-палыз бойынша 2 фермер хожалығы, шарўашылық тараўы бойынша 22 хожалық, балықшылық тараўы бойынша 4 фермер хожалығы ҳәрекет етип тур.
Фермер хожалықлары райондағы тәмийинлеў кәрханалары менен шәртнамаласқан ҳалда барлық хызмет түрлеринен пайдаланып келмекте.
Ҳәзирги күнде ең баслы байлығымыз болған «ақ алтын» қырманын топлаўды шөлкемлескенлик пенен әмелге асырыўымыз нәтийжесинде өнимлеримиз жоқары сортларға қабылланып атыр. Еледе алдағы ўакытта күнниң ашық жарық күнлеринен пайдаланып, өнимлерди сепситпей жыйнап алыўды нәзерде тутып отырмыз.
Усы орында айтып өтиў орынлы, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жергиликли халық депутатлары Кеңеслери және Олий Мажлис палаталары тәрепинен жерлерден нәтийжели пайдаланыў үстинен турақлы қадағалаў ҳәм мониторинг алып барылады.
Сондай-ақ, Пәрманда фермерлик ҳәрекетин жаңа басқышларға алып шығыў аўыл хожалығында экономикалық реформаларды тереңлестириў бойынша республика комиссиясының 2018-2021 жылларда фермер хожалықларын басқышпа-басқыш көп тармақлы фермер хожалыкларына айналдырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилди ҳәм 2022-жылдың 1-январынан баслап көп тармақлы жумысты жолға қоймаған фермер хожалықлары менен жер ижарасы шәртнамалары нызам ҳүжжетлерине муўапық бийкар етилиўи белгилеп берилди.
Бул Пәрманның әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, фермер, дийхан ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егин жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан беккемлеўге, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм реализация етиўди көбейтиўге хызмет етеди ҳәм усы тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў ушын кең жол ашып берери сөзсиз.
Алдағы ўақытта да қабыл етилген Пәрман талапларын басшылыққа ала отырып, руўхланған ҳалда аўыл хожалығы тараўының жумысларын еледе жанландырыў илажларын әмелге асырамыз.
Жамбул АДИЛОВ
Район ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты