ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ЖӘРДЕМЛЕРИ КӨРСЕТИЛИП АТЫР
Быйылғы жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп жәрияланыўы менен кекселер ҳәм майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў бойынша Президентимиз тәрепинен қарарлар қабыл етилип, бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Районда басқалардың күтимине мүтәж болған, жалғыз жасайтуғын кексе ҳәм майыплардың дизимин тастыйықлаў мақсетинде 36 жалғыз кекселер ҳәм майыплар дизимге алынды.
Районлық медицина бирлеспесиниң буйрығы менен оларға үйде күнделикли социаллық хызметин көрсетип барыўы ушын бөлимнен 6 социаллық хызметкерлер бекитилген.
Кекселер ҳәм майыпларға айма-ай бийпул берилетуғын 15 атамадағы азық-аўқатлық өнимлери ҳәм гигиена товарлары менен тәмийинлеў ушын 2017-жыл бюджет қаржысы есабынан 32 миллион 930 мың сум ажыратылды ҳәм район аймағында жайласқан саўда орынлары менен шәртнамалар дүзилди. Ҳәзирги ўақытта олар азық-аўқат өнимлери ҳәм гигиена товарлары менен тәмийинленип келмекте.
Сондай-ақ, район аймағында Уллы Ўатандарлық урыс дәўиринде мийнет фронтында хызмет еткен 19 нураный болып, олар толығы менен медициналық көриктен өткерилди. Усы жылдың өткен 9 айы даўамында 4 мийнет фронты нураныйы «Тақиятас» урыс ҳәм мийнет нураныйлары санаториясына барып, ден-саўлықларын тиклеп қайтты. Соның менен бирге урыс ҳәм мийнет фронты нураныйы Қалқораз Асмағиевқа еситиў аппараты берилди.
Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2016-жыл 14-июнь күни дизимнен өткен «Мүтәж пуқараларды протез-ортопедия буйымлары, реабилитация техникалық буйымлары ҳәм кресло-арбашалар менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққында»ғы қолланбаға муўапық, медицина бирлеспеси реабилитация техникалық үскенелери болған майыплар арбашасы менен 14 кексе-майыплар, соннан әү жасқа шекемги 4 балалықтан майып балалар, еситиў аппараты менен 2 пуқара, қолтық таяқ пенен 6 пуқара, ҳаса менен 11 кексе-майыплар тәмийинленди.
Протез-ортопедиялық буйымлары ушын 4 майып пуқараға 7 протез ушын талонлар берилип, протез-ортопедиялық буйымлары ҳәм протез ушын аяқ ки-йим менен тәмийинленди.
Өзбекистан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен 2012-жыл 27-апрель күни дизимнен өткен 2356-санлы «Майыплар ҳәм кекселерди бийпул санатория-курорт жолламалары менен тәмийинлеў ҳаққында»ғы қолланбаға муўапық, районлық медицина бирлеспеси тәрепинен Ташкент қаласындағы «Табақсай» санаториясына 10 майып-кекселер, Ферғана ўәлаяты «Алты-арық» санаториясына 1 пенсионер, Наманган ўәлаяты «Касансай»санаториясына 1 пенсионер, Жиззақ ўәлаяты «Маржан-суўы» санаториясына 4 пенсионер, Тақиятас қаласы урыс ҳәм мийнет нураныйлары санаториясына 42 кексе-майыплар жоллама алып, ден-саўлықларын тиклеп қайтты.
Сондай-ақ, райондағы мекеме-кәрханалар тәрепинен басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз жасайтуғын кексе-майыплардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, қайыр-сақаўатлық жәрдемлерин көрсетип келмекте.
Ықлас ПАЛЎАНОВ
Районлық медицина бирлеспеси баслығы
Айдос СУГИРОВ
Медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў бөлими баслығы