ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ҲУҚЫҚ ҲӘМ МӘПЛЕРИН ҚОРFАЎДА
Мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, жеке мүлктиң нызамлы ҳәмде әмелий жақтан үстинлигин тәмийинлеў, экономикада мәмлекет үлесин басқышпа-басқыш кемейттириўге қаратылған анық мәнзилли ис-илажлар әмелге асырылып келмекте.
Усы тийкарда қабыл етилген қатар нызамлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлери менен мәмлекетлик уйымлар, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлардың исбилерменлик искерлигине нызамсыз араласыўын сапластырыў жолында қатаң тәртиплер орнатылған.
Бул ҳәрекетлер исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетимиз экономикасындағы роли ҳәм әҳмийетин жәнеде асырыўға хызмет етпекте. Нәтийжеде исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў бойынша қәлеўшилердиң саны артып, жылдан-жылға исбилерменлик субъектлериниң саны көбеймекте. Исбилерменлик искерлиги-халықты жумыс пенен тәмийинлеўде, адамлардың турмыс дәрежесин асырыўда шешиўши усыллардың бирине айланды.
Алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилиги исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасының жаңа тәсиршең механизмлерин енгизиў ҳәмде мәмлекетимизде жәнеде қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў менен үзликсиз байланысты итибарға алып, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-май күни «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП 5037-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Қабыл етилген Пәрманның тийкарғы мақсети исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў, олардың жумысына мәмлекетлик уйымлардың тийкарсыз араласыўының алдын алыў, жеке меншикке қол қатылмаслықтың ҳуқықый механизмлерин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының үстинлиги принципин тәмийинлеў болып табылады.
Пәрман менен Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили институты тийкарғы ўазыйпалары белгилеп қойылған. Оған муўапық, исбилерменлик жумысын раўажландырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў саласында мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириўде ҳәм әмелге асырыўда қатнасыў, мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларына ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи бойынша қадағалаўды әмелге асырыў, исбилерменлик субъектлериниң жумысы тексерилип атырғанда оларды ҳуқықый қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери нормаларының ҳәм талапларының әмелде жүзеге шығарылып атырғанлығын үйрениў, қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң исбилерменлик жумысының әмелге асырылыўына тәсир көрсетиў нәтийжелилигин баҳалаў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый кепилликлерин беккемлеўге, олардың раўажланыўын хошаметлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў ўәкил жумысларының тийкарғы бағдарлары болып табылады.
Сондай-ақ, исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилге исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларына ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиўге байланыслы нызам ҳүжжетлери мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары тәрепинен сөзсиз орынланыўын үйрениў, исбилерменлик субъектлери жумысында тексериўлер әмелге асырылыўы нызамлылығының мониторингин алып барыў, исбилерменлик субъектлериниң мәплерин гөзлеп, судларға мәмлекетлик бажы төлеместен арзалар ҳәм даўалар менен мүрәжат етиў,мәмлекетлик уйымлардың исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мәселелерин көрип шығыўға байланыслы мәжилислеринде қатнасыў ҳәм тағы басқа да бир қатар ҳуқықлар берилген.
Усы тийкарда 2017-жыл 4-август күни Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил жумысын шөлкемлестириў ис илажлары ҳаққында»ғы 587-санлы Қарары қабыл етилди.
Буннан тысқары, 2017-жыл 29-август күни «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында»ғы ЎРҚ-440-санлы Өзбекистан Республикасының Нызамы қабыл етилди.
Мәмлекетимиз тәрепинен үлкен дыққат-итибар қаратылып атырған исбилерменлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў арқалы исбилерменликти алып барып атырған ҳәм тәўекелшилик етип атырған пуқаралардың емин еркин ҳәрекет етиўине бирден-бир айдың жол болып есапланады.
Қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң өз ўақтында орынланыўында өз үлесимизди қосыў, кең жәмийетшилик итибарына жеткериў ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыў Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлигиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып табылады.
Есенкелди УТЕПОВ
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик
министрлигиниң исбилерменлик субъектлери
ҳәм сырт ел инвестицияларын ҳуқықый
қорғаў бөлими аға мәсләҳәтшиси