Ma'daniyat УШЫРАСЫЎ ШАДЛЫҚЛАРЫ

УШЫРАСЫЎ ШАДЛЫҚЛАРЫ

0
УШЫРАСЫЎ  ШАДЛЫҚЛАРЫ

Халқымыз жақында ғана қос байрамын белгилеп өткен болса, елимиз жаслары  республикамызға белгили шайырлар, сахна шеберлери, хош ҳаўаз сазенделер менен ушырасыў бахытына миясар болмақта.

Республикамыздың оқыў орынларында, мәденият ҳәм дем алыў орайларында, спорт майданшаларында  өткерилиўи белгиленген  фестивальдың мақсети: ғәрезсизлик жолында баратырған елимиздиң социал-экономикалық раўажланыўы, демократиялық өзгерислери менен жақыннан таныстырыў, оларды дослыққа, бирликке шақырыў арқалы «ғалабалық мәденият»тың унамсыз тәсирлеринен қорғаў, миллий дәстүрлеримиз, қәди-  риятларымызды ҳүрмет етип, ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдан ибарат. Быйылғы жылымыздың  «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» мүнәсибети менен «Уллы келешегимизди мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге қурамыз!»  атамасында өткерилип атырған илаж қатнасыўшылары Ташкент ҳәм Нөкис қалаларынан бизиң районымызға да жетип келди. Райондағы аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм транспорт  кәсип-өнер колледжлеринде, 2-санлы улыўма билим бериў, 3-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеплеринде, балалар көркем өнер ҳәм музыка мектебинде, жуўмақлаўшы гала концерти мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында  көтериңкилик руўхында өткерилди.

Республикамыздың ҳәр бир түпкириндеги аймақларға шекем қәдем қойған фестиваль қатнасыўшылары болған елимизге белгили көркем өнер шеберлери  менен жақыннан сәўбетте болып, олар жеткизген табысларға сүйсинип, оларға еликлеп, өрнек алмаған жас өспиримлеримиз болмаған шығар?! Бизиң районымыздың өзинде  Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, кинорежиссёр ҳәм актёр Ҳилол Насимов, Өзбекистан Республикасына  хызмет көрсеткен артистлер Эгамберди Рахимов, Машраф Кимсанов, «Ниҳол» сыйлығының лауреатлары Шараф Мухимов, Шаҳзод Муродов, Гүлназ Өтепова,  өарақалпақстан халық шайыры Музаффар Ахмад, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Дәрибай Хожабергенов,  киноактёрлар Шухрат Нуралиев, Гулнора Толипова ҳәм басқа да көркем өнер шеберлери менен бир мезгил сәўбетте болып, олардың өнерин тамашалап, атқарған жанлы қосықларынан рәҳәтленип тыңлаған жаслардың бирге түскен сүўретлери бүгин гүўа болады.

Бул күнги ушырасыў  районымыздан гала концертке қатнасқан жасларымыз ушын умытылмас мәўритлердиң бири болып қалды.

Әлбетте, жаслардың кеўлине қуўаныш, байрам шадлықлары, белгили инсанлар менен ушырасыўлар, олардан өрнек алыўға умтылыў қай ўақытлары жайғасыўы мүмкин? Бизиң ойымызша, ҳәзиргидей бахытлы өмир сүрип атырған Өзбекистандай уллы журттың перзентлериниң кеўлине ҳәр дайым да жайғаса алады. Жасларымыздың тынышлығы, шадлықлары менен қуўанышлары удайына болғай!

 

Ҳүрлиман АСЕНОВА