МҮРӘЖАТЛАР ШЕШИМИН ТАППАҚТА
Елимизде инсан мәпи жоқары дәрежеге қойылған болып, ҳеш бир пуқараның арызы қадағалаўсыз қалмайды. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен алып барылып атырған мәмлекетлик уйымлардың пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў мәселеси бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айналды. Халық қабыллаўханалары ҳәр бир районда, қалада ашылып, өз аты айтып турғанындай халықтың машқаласын, арызын қабыл етип, оларды шешип бериўде тийисли орын- ларға жеткерип бериўди даўам етип атыр. Хош, халық қабыллаәханаларына келип түсип атырған мүрәжатлар қандай шешим таппақта ҳәм халқымыздың қандай арыз, өтинишлери бар?!
Районлық тоғай хожалығы бөлими имараты алдындағы пайызлы орында Тахтакөпир, Караөзек, Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы Халық қабыллаўханаларының мүрәжатлар менен ислесиўин үйрениўге бағышланған мәжилиси болып, онда министрликлер, шөлкемлердиң басшылары, район ҳәкимлери, усы районлардағы Халық қабыллаўханаларының баслықлары, мүрәжат ийелери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Халық қабыллаўханалары ашылыўы-мәмлекетимизде халықтың тиккелей дәртин тыңлаў, турмыслық машқалаларын шешиў, олар менен ушырасып, жасаў жағдайлары менен жақыннан таныс болыў, пикирлесиў мүмкиншиликлерин берип атыр. Халық пенен тиккелей пикирлесиў ушын туўрыдан-туўры шаңарақларда болып, олардың турмыслық дәрежесиниң жақсыланыўына, пуқаралардың ҳуқықларының қорғалыўына, машқалаларының шешилиўинде әмелий жәрдем бериўши орынлар ҳаққында жол жобалар да берип, мүрәжатлары қадағаланып барылады. Бир сөз бенен айтқанда, системалы жумыслар әмелге асырылып атыр.
Буның айқын мысалларын усы мәжилис қатнасыўшылары тиккелей тыңлаў мүмкиншилигине ийе болды.
Мәжилис өткерилген күнге шекемги аралықта Тахтакөпир районында 18 пуқара, Қараөзек районында 25 пуқара, Кегейли районында 23 пуқара, Шымбай районында 19 пуқара Халық қабыллаўханасына мүрәжат еткен.
Тахтакөпир районлық Халық қабыллаўханасына келип түскен арзалар үйренип шығылғанда, арзалардың басым көпшилиги пуқаралардың жумыс орын сораәы, ҳуқық қорғаў уйымларынан наразылықлары, ден-саўлықты сақлаў тараўынан, коммуналлық хызметлердиң сапасын арттырыў машқалалары бар екени анықланды. Әлбетте, мүрәжатлардың орынланыўы-оның мазмунына қарап, мәселен жумыс орнын сораў, яки напақа пулларын өз ўақтында төлеў машқаласы ўақыт күттирмей шешилиўи мүмкин-дә, ал коммуналлық хызметлер; соның ишинде автомобиль жоллары қурылысы, бузылған бәндиргини қайта тиклеў, жаңа трансформатор қурыў жумыслары ўақытты талап етеди. Халық қабыллаўханасына мүрәжат еткен пуқара Нурлыбекова Зульфияның перзенти ушын соралған майыплар арбашасы сол күни тапсырылған болса, Жолмурзаева Муҳаббаттың газден ески қарыздарлығы жайының алдынғы ийе-сине тийисли болғаны ушын қарыздардың өзинен өндириўди талап етиўи ҳәм суйылтырылған газ баллоны менен тәмийинлеўди сораўы, пуқара Аллабаева Бағдагүлдиң турмыс ортағына майыплық напақасын алыўда әмелий жәрдем сораўы, Қоңыраткөл аўылы турғыны Жаметов Рахметулланың аўылына автобус қатнаўын жолға қойыўын сораған талаплары, қулласы сол күни 18 мүрәжаттың сегизи сол орында шешимин тапты. Илаж даўамында ҳәр бир мүрәжат ийесиниң наразылықлары қайта тыңланып, еле шешилмеген мүрәжатлар тийисли министрликлер менен ведомостволарға, шөлкемлерге қатаң тапсырылды.
Өткерилген илажда ҳәр бир райондағы Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлар өз ўақтында шешилиўи, алдағы ўақытлары бундай кемшиликлер қайталанбаўы ушын кемшиликлерди өз ўақтында сапластырып барыў ўазыйпалары қойылды.Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Турсынхан Худайбергенов кең түрде шығып сөйледи.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА