Siyosat БАЙРАМFА ЖАҢА ҮЙ САЎFА ЕТИЛДИ

БАЙРАМFА ЖАҢА ҮЙ САЎFА ЕТИЛДИ

0
БАЙРАМFА ЖАҢА ҮЙ САЎFА ЕТИЛДИ

Өткен июнь айында райондағы тоғай хожалығы имараты алдында өткерилген орынлардағы Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатларды үйрениўге бағышланған мәжилисте арқа районларда үй шараятында жумыс ислеў мүмкиншиликлерине ийе майып қызларға тигиў машиналары тапсырылған еди. Олардың ишинде район турғыны, 1-топар майыбы Майра Бердамбетова бар.

-Мен енди жумыссызлар қатарында емеспен,-деген еди сонда Майра өз қуўанышын бизлер менен бөлисип. Майра   «Халқабад мамығы» акционерлик жәмийетиниң буйыртпасы менен 5 мың фартук тигиў мүмкиншилигине ийе болып, бүгинги күнге 1500 ден аслам пахта териў фартугин  таярлап берди.

Майраның банктеги есап бетине фартук тигиўдеги мийнетлери ушын 10 млн сум пул өткерилди.Бул мүмкиншилик қыздың келешекте жумысын даўам еттириўине, арзанлатылған турақ жай алыўына  жол ашты.

Жақында Майра ҳақыйқый қуўаныш ийесине айналды. Еки қабатлы, 16 квартиралы  турақ жайдың бири Майра қызымызға несип етти. Үлкен байрам жаңалықларына уласқан бул күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Ерниязов М.Бердамбетоваға салтанат пенен жаңа үйдиң гилтин тапсырды. Тез күнлер ишинде питкерилген барлық мүмкиншиликлерге ийе жайдың қурылысы ушын район басшыларына, қолы гүл қурылысшыларға алғыслар айтты.

Солай етип, өзи жасап атырған Өзбекистандай бийғәрез елдиң перзенти болыў бахтына миясар болған Майра Бердамбетова жаңа үйде анасы ҳәм туўысқанлары менен бирге жаңа өмирин баслады.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА