Siyosat ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

0
ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

Бул дүньяда төрт мүшең саў болса екен дейсең. «Қай жериң аўырса сол жериң жаның» дегендей, тисиң аўырса да жаныңды жегидей жейди. Өзиңди қоярға жер таппай атырғанда шыпакер сол тисиңди суўырып алып тасласа жаның бираз жай табады. Ал, усындай кәсипти таңлағанлардан әлбетте ержүреклилик талап етилсе керек.

Биз жаслығымызда гейде өзимизди ҳәр түрли кәсиплерге салып қыял сүремиз. Ал, ата кәсибине балалығынан ықлас қойған Айтбай Нуратдиновтың болашақтағы әрманы үлкен стоматологиялық емлеў орнын ашып, халыққа пайдасын тийгизиўден ибарат болды. Ўақыт өте келе нийети жолдасы болып, тис шыпакери қәнигелигин ийеледи. Район орайынан «Жуўсан» жуўапкершилиги шекленген жәмийет деген ат пенен кишигирим стоматологиялық поликлиникасын ашты. Бул жерде тис аўырыўы менен байланыслы болған кеселликлер емленеди.

Бүгингидей техниканың тез пәт пенен раўажланып атырған бир дәўиринде заманның бағыты менен қәдем атпасаң жумысыңның сапасы болмайды. Усы мақсетте Айтбай банктен 150 миллион сум муғдарында кредит алып, оған заманагөй әсбап-үскенелер, рентген аппаратын сатып алыўға еристи. Ҳәзирги ўақытта поликлиникада үш адам жумыс ислейтуғын болса, және де үш тис шыпакерин жумысқа алыў имканияты бар.

Поликлиникаға емлениўге келиўшилердиң саны көпти қурайды. Бул өз гезегинде наўқасларға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиўди талап етеди. Айтбайға жақыннан жәрдемши оның өмирлик жолдасы Фатиманың да медицина хызметкери болыўы оған қол келди. Перзентлери де ата кәсибинен қашық емес. Олар да келешекте тис шыпакери болып, ата кәсибин даўам етеди деген нийети бар.

Алдағы ўақытта поликлиниканы кеңейтип, шаңарақлық поликлиникаға айландырыўды өз алдына мақсет етип қойған Айтбай: -«Район ора-йынан еки этажлы имарат алып, оның оңлаў жумысларын ислеп, таярлап қойдық. Егер поликлиника иске түссе 25 адам жумыс пенен тәмийинленеди ҳәм бул жерде стоматология, педиатрия, гинекология, физиотерапия бөлимлери ашылып, онда  наўқаслар жатып, ем алыў мүмкиншилигине ийе болады. «Изленген имкан табады» деген дурыс екен, әлбетте буның бәри ғәрезсизлигимиздиң шарапаты деп билемен. Ис баслайман деп талпынғанға мәмлекетимизде имканият бар. Буның ушын елимиз басшысынан шексиз миннетдарман. Сондай-ақ, дәслепки кредит пулларының тез ҳәм ўақытлы питиўинде район прокуроры Қ.Бекмуратовқа рахмет айтаман. Хал-қымды ғәресизлигимиздиң 26 жыллық қутлы байрамы менен қызғын қутлықлап, елимизге тынышлық, аўызбиршилик, халқымызға денсаўлық тилеймен».

Халқымызда мынадай ҳикметли гәп бар. «Үш нәрсени үш нәрсе менен таўып болмайды. Байлықты-арзыў-ҳәўес пенен, жаслықты-пардоз бенен, денсаўлықты-дәри-дәрмақ пенен». Солай екен, ҳәмийше денсаўлығымызға итибарлы болайық. Халыққа медициналық хызмет көрсетиўде Айтбайдай талапшаң  жигитлердиң ийгиликли ислерине раўаж тилеймиз.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА

СҮЎРЕТТЕ:  Тис шыпакери  Айтбай   Нуратдинов  жумыс пайытында