КЕЎИЛЛЕРДИ ЖАҚЫН ЕТКЕН КҮН
«Жақсы адамның қонағы қос келеди» деген қанатлы гап бар халқымызда. Ал, бизиң елимизде быйылғы жаңа оқыў жылы алдынан байрамларымыз қос қостан келди. 1-сентябрь-Өзбекистан Республикасы Fәрезсизлиги байрамы күнине пүткил мусылман әўладының уллы байрамларынан бири-Қурбан ҳайт байрамы күни туўра келиўи, халқымыздың қуўанышына қуўаныш, кеўиллерине әжайып нур таратты десек, асыра айтқан болмаймыз.
Таң. Саат 6. Райондағы «Халық» жәмәәтлик мешитине адамлар ағылып келип атыр. Оның ишинде жасы үлкен де, жасы кишилер де бар. Бири-бирине кеўил сандығын кеңнен ашып, мүбәрек қос байрам менен қутлықлап, қоллары көксинде бул күнлерге жеткенине шүкиршилик етип атырған ақ сақаллы аталарымыздың лебизинен шығып атыр-ған жыллы сөзлерине кеўилиң таўдай көтериледи. Халқымыздың аўызбиршилигине, жасы үлкенлердиң ақыл парасатына, оларды ҳәм демеп, ҳәм таўап етип қоллап жүрген жасы кишилердиң ҳүрмет-иззетине, көрген тәрбиясына сүйсинесең.
Жыйналған жәмәәт пенен бирге ҳайт намазы оқылды. Өмирден өткенлер руўҳына дуўа оқылып, халқымызға аманлық, елимизге тынышлық тиледи.
Ҳәр бир байрам қарсаңында бийтап инсанлар, кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳалынан хабар алыўды ҳүкиметимиз дәстүрге айналдырған.Қурбан ҳайт байрамы күни де районда жасаўшы айырым хожалықлар мәмлекетимиздиң бул илаҳий адамгершиликке толы пазыйлетлериниң гүўасы болды. Район ҳәкими Ж.Адиловтың басшылығында бир қанша қайырқомлық шөлкем басшылары кем тәмийинленген шаңарақлардан, бағыўшысын жойтқан, бийтап болып жатырған инсанлардың, сондай-ақ, жасы үлкен нураныйлардың шаңарақларында болып, олардың жасаў жағдайлары менен танысты.Олар ушын арнаўлы таярланған байрам саўғаларын инам етти.
Биринши Президентимиз И.Каримов айтып кеткениндей: «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек». Сонда ғана биз инсанлар бири-биримиз ушын керекли екенимизди сеземиз. Байрамлар болса бизди жәмийет пенен және де жақынластыра береди.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА