«ҚОСТРУБА»ДА БАЙРАМ ЖЫЛДАFЫДАН ӨЗГЕШЕ
Ҳәр қандай байрам сол үлкеге үлкен жаңалық пенен кирип келсе сол жерде жасаўшы халық ушын үлкен мақтаныш, үлкен қуўаныш. Себеби жақында ғана «Қоструба» аўылы орайынан жаңадан мектеп имараты қурып питкерилди.
Быйылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери» жылында ең алыс аймақларда жасаўшы аўыл балалары ушын жаңадан қурылған имаратта билим алыўы олар ушын да, ата-аналары ушын байрам кейпиятына өзгеше заўық бағышлады.
Fәрезсизлик байрамының ҳәр жылғы атамасы өзине сай ҳәр бир инсанды Ўатанға пидайы болыўға шақырады.
«өоструба»лылар район орайынан қаншелли қашықлықта жасамасын олар да байрамды басқалар сыяқлы көтериңки кейпиятта белгилеп өтти.
Байрамға арналған кешеде сөзге шыққан районлық қорғаныў ислери бөлими баслығы Д.Артықов ҳәм район ҳәкиминиң қәнигеси Т. Жүсиповлар жыйналған халықты байрам менен қызғын қутлықлады.
Байрам районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы ағзаларының байрам концерти менен даўам етти.
Сондай-ақ, усы күни районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери тәрепинен аўыл халқы медициналық көриктен өткерилди.
Муҳаббат АЛЛАМБЕРГЕНОВА