Siyosat ҲӘР БИРИНДЕ ҚАЙТАЛАНБАС ШЕБЕРЛИК БАР

ҲӘР БИРИНДЕ ҚАЙТАЛАНБАС ШЕБЕРЛИК БАР

0
ҲӘР БИРИНДЕ ҚАЙТАЛАНБАС  ШЕБЕРЛИК БАР

Қолында өнери жоқ ҳаял-қыз болмайды. Ҳәр бир инсанда өзине тән шеберлик, талант болады. Оны раўажландырыўға деген инта, талпыныс, излениў керек. «Таланттың 99 проценти-мийнет» деген данышпанлық сөздиң ҳақ екенин бизиң елимиздеги исбилерменликке жол ашылыўы менен инсанлардың бойында бар шеберлигин көрип, көзимиз жетип атырғандай. Исбилерменликке кең жол ашылыўы-үйде жумыссыз отырған ҳаял-қызлар ушын да имканиятлар есиги ашылыўына бирден-бир мүмкиншилик болды.

Райондағы халықтың  мәдений дем алыс орайында өткерилген «Мәҳәллениң ең үлгили исбилермен ҳаялы» таңлаўының районлық басқышында ислеп шығарыў, сервис, аўыл хожалығы тараўлары бойынша ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы ҳаял-қызлар өзлери қолдан дөреткен буйымлары, қол өнерлери менен қатнасты.

«Мүлик» аўылы турғыны  Жумабаева Тамараның қол өнерлери есапланған миллий қара үйимиздиң керекли дәскелери; басқур, ийин баў, қызыл баў, шолақ алаша, шағын ойыў кийиз, дизбе, шуўда жип, есиктиң алдына төсейтуғын тоқымаларының сулыўлығына көзиң қызығады ҳәм бүгинги күнде жумыссыз келиншектиң шеберлигине, мийнети  аўыр ҳәм майда исти таңлағанына рахмет айтқың келеди.

«Атакөл» аўылынан Бердибекова Мийўа,  «Fәрезсизлик» жыйынынан Бердимуратова Индира, «Қараой» аўылынан Пазылбекова Шайда, «Қоңыраткөл»ли Бахтыбекова Қаламқас, «Қаратерең» аўылынан Узақбергенова Гүлайханлар басшылық етип келген қыз-келиншеклердиң тигиўшилик, тағамлар таярлаў, үй дәскелери, тағы басқа өнерлерин көргизбеге қойды. Ҳәр бир қыз-келиншектиң таярлаған өнимлери өзине тән шеберлигин көрсетип турды.

Таңлаў жуўмағында Мәмбетова Үмит басқарған «Айман-капитал-сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийет қызлары сервис тараўы бойынша, «Қаратерең» аўыл пуқаралар жыйыны «Мунар сай» жуўапкершилиги шекленген жәми-йетинен Пердебаева Насибаның таярлаған өнимлери аўыл хожалығы бойынша, «Қараой» аўылынан Баймурзаева Қатшаның дала дийхан хожалығы аўыл хожалығы тараўында жеңимпаз деп табылды. 

Ҳүрлиман АСЕНОВА

СҮЎРЕТТЕ:  Таңлаў қатнасыўшысы Тамара  Жумабаева