Siyosat ӨНИМ ИСЛЕП ШЫFАРЫЎ АРТТЫРЫЛАДЫ

ӨНИМ ИСЛЕП ШЫFАРЫЎ АРТТЫРЫЛАДЫ

0
ӨНИМ ИСЛЕП ШЫFАРЫЎ  АРТТЫРЫЛАДЫ

Исбилерменликке кең жол ашылып, истиң көзин билетуғынлар ушын әйне мәҳәл келди. Туўылған жерди қәдир тутып, аўылда не жетискенлик болса қуўанып жүретуғын азаматлардың бири Бахтияр Қаниязов «Fәрезсизлик» мәканында қараўсыз бос қалған имаратты иске түсириў ушын коммерциялық банклер арқалы 80 мың АҚШ доллары есабында кредит алып ис баслағанына еки жылдан асып кетти.

Қытайдан 6 дана тоқыў үскенесин алып келип, иске түсирди.  «Ткачиха-Тахта»  атамасы менен жумыс алып барып атырған шулық тоқыў цехында жумыссыз жүрген 7 аўыл турғынлары-жаслар жумыс пенен тәмийинленди.

-Қуўатлылығы бир суткада 1000 данаға шекем шулық тоқыў мүмкиншилигине ийемиз. Өткен жылы 150 млн.сумлық өним ислеп шығардық. Буйыртпаларым көп. Қуда қәлесе, экспортқа шығарыўды да режелестирип отырмыз. Жақында өткерилген «Ташаббус-2017» таңлаўының өарақалпақстан Республикасы басқышында «Ең жас исбилермен» номинациясын жеңип алдым,-дейди цехтың механик операторы Алаўатдин Насратдинов биз бенен болған сәўбетте.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2017-жыл, 17-марттағы «өарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында исбилерменлик жумысларын алып барыў ушын қосымша қолайлы шараятлар жаратыў ис илажлары ҳаққында»ғы қарары Арал бойы әтирапындағы халықтың турмыс дәрежесин жаңа басқышқа көтериўде кең имканиятлар жаратты.  Бундай қоллап-қуўатлаўлар Б.Қаниязовтың және де излениўине мүмкиншилик жаратты. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ғамхорлығында жәрияланған таңлаўда өзиниң мақсети менен қатнасып, 22 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант жеңимпазы болды.

-Бул қәрежет арқалы тигиў цехын иске түсирип, халықтың трикотаж кийим-кеншеклер, төсениў буйымларына деген талабын қанаатландыра аламыз. Саўда дүканларын ашып, жумыссыз жүрген жасларды және де жумыс пенен тәмийинлеў мақсетимиз бар,-дейди исбилермен Бахтияр Қаниязов.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА