ҚУРАЛАЙ ЖЕҢИМПАЗ БОЛДЫ
Мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли илажлардың тийкарында инсан мәплери, әсиресе олардың саламатлығы биринши орында турады. Солай екен, инсанның денсаўлығын қорғаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўде ден саўлықты сақлаў хызметкерлери қатарында ҳамшийралардың да орны гиреўли.
Ҳамшийралар ҳаққында сөз болғанда ҳамшийралық исиниң тийкарын салыўшы, дүнья жүзинде Флоренс Найтингейлдиң исми мақтаныш пенен тилге алынады.
Бүгинги күнде бизиң мәмлекетимизде де ҳамшийралар исине айрықша әҳмийет қаратылған болып, ҳәр жылы «Ҳамшийра» көрик таңлаўы өткерилип, бул таңлаўда ден саўлықты сақлаў системасында хызмет етип атырған орта буўындағы медицина хызметкерлериниң билимин, ис-тәжирийбелерин сынға салып, олардың кәсиплик шеберликлерин еле де жетилистириў мақсети көзде тутылады.
Жақында «Ҳамшийра-2017» таңлаўының Өзбекистан Республикасы көлеминдеги жуўмақлаўшы басқышы Ташкент қаласында болып өтти.
Таңлаўға Ташкент қаласы, өарақалпақстан Республикасы ҳәм 12 ўәлаяттан жәми 14 қыз қатнасты. Ең мақтанышлысы, Қарақалпақстан Республикасы атынан бизиң районымыздағы медицина бирлеспесиниң қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў бөлиминиң ҳамшийрасы Қуралай Талқанбаева қатнасты
Қатнасыўшылар үш түрдеги шәрт бойынша өз билим ҳәм тәжирийбелерин сынақтан өткерди. Ҳәр бир шәрт 10 баллық системада баҳаланды.
Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў илимий орайында өткерилген биринши шәртте ҳамшийралар наўқас пенен пикирлесиў мәденияты, оның аўҳалын туўры баҳалап, медициналық әсбап-үскенелерден өнимли пайдаланған ҳалда, емлеў ислерин сапалы орынлаўына итибар қаратылды.
Сондай-ақ, таңлаўда ҳамшийралардың медициналық, социаллық-сиясий билимлери де сынақтан өткерилди.
Таңлаў жуўмағында Ташкент қаласы ҳамшийрасы 1-орынды, Наманган ўәлаяты Поп районынан қатнасқан ҳамшийра 2-орынды, Бухара ўәлаяты ҳамшийрасы 3-орынды жеңип алған болса, жерлесимиз Қуралайға 4-орын несип етти. Ол «Artel» телевизоры, сертификат, китаплар менен сыйлықланды.
Он төрт қыздың арасынан Қуралайдай Қарақалпақстан Республикасының ең шетки аймақларында жасап, республиканың атынан усындай үлкен таңлаўларға қатнасып төртинши орынды алыўы да үлкен бахыт, үлкен мақтаныш.
Биз Қуралайды ерискен бул табысы менен шын жүректен қутлықлаймыз ҳәм халықтың ден саўлығын сақлаўдай шарапатлы кәсибинен камал табыўын тилеймиз.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА
СҮЎРЕТТЕ: Қуралай Талқанбаева