ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ИТИБАР АЙРЫҚША
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 5-октябрьдеги «Исбилерменлик жумысларының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 4848-санлы Пәрманы-жеке мүлкти ҳуқықый жақтан қорғаўды және де күшейттириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ушын қолайлы шәраятлар жаратыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан дерек береди.
Әсиресе Пәрман киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кең еркинлик бериў, олардың жумысларына араласыўды түптен қысқартыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўды тәмийинлеў, олардың профилактикасы нәтийжелилигин асырыў ҳәм ҳуқықбузарлықларға жол қоймаўды ең әҳмийетли тийкарғы жөнелис, мәмлекетлик органлардың биринши дәрежели ўазыйпасы сыпатында беккемлейди.
Пәрманда исбилерменлик субъектлери жумысларына тийкарсыз араласыўдан исенимли ҳуқықый кепилликлерин тәмийинлеўге бағдарланған мәмлекет бақлаўының принци- пиаллық жақтан жаңа бир қатар механизмлери белгиленбекте.
Атап айтқанда, 2017-жылдың 1-январынан баслап төмендеги бурын көрилмеген шаралар белгиленди:
Исбилерменлик субъектлери жумысларын режеден тысқары тексериўлердиң барлық түрлери бийкар етилди. Буннан юридикалық шахстың жабылыўы менен байланыслы тексериўлер, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың нызам ҳүжжетлери бузылыўы жағдайлары ҳаққындағы мүрәжатлары тийкарында тек ғана өадағалаўшы органлар жумысларын муўапықластырыўшы республикалық Кеңестиң қарарына муўапық өткерилетуғын қысқа мүддетли тексериўлер буннан тысқары, исбилерменлик субъектлери жумысларын, соннан жынаят ислери шегарасында қарама-қарсы тексериўлердиң барлық түрлери бийкар етиледи.
Солай етип, қадағалаўшы органлар ендигиден былай режеден тысқары тексериўлер өткериў ҳуқықына ийе емес.
Соның менен бирге Пәрман Ҳәкимшилик ҳәм жынаят нызамшылығын либераллас-тырыў жолын даўам еттирип, финанс-хожалық жумысларын әмелге асырыўда биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген исбилерменлик субъектлери, олардың хызметкерлери исбилерменлик жумысларын мәмлекетлик дизимнен өткерместен әмелге асырып жүрген шахсларды, олар тәрепинен келтирилген зыян белгиленген мүддетлерде қапланғанда жуўапкершиликтиң барлық түрлеринен азат етиўге уқсаған жаңа шаралар нәзерде тутылады.
Буннан тысқары исбилерменлик субъектлериниң қарсысына, оларды исбилерменлик жумысларын әмелге асырыў ҳуқықынан айырыў жынайый жаза түрин қоллаў қадаған етилген.
Пәрманның әҳмийетин түсиндириў бойынша бөлим хызметкерлери тәрепинен халық арасында кең түрде түсиник жумыслары алып барылып атыр.
Қуўандық АЛЛАМЖАРОВ
Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы СВБЖҳЖДЛҚГ Департаменттиң районлық бөлими инспекторы