Siyosat CИЗДИ ҚЫЗЫҚТЫРFАН СОРАЎЛАР

CИЗДИ ҚЫЗЫҚТЫРFАН СОРАЎЛАР

0
CИЗДИ ҚЫЗЫҚТЫРFАН СОРАЎЛАР

Сизди қызықтырған сораўларға районлық ПҲАЖ бөлими  инспекторы Айсанем Ережепова жуўап береди.

Сораў: Жақында перзентли боламан, перзентимди жалғыз анадан туўылған деп өзимниң атыма алыў ушын қандай ҳүжжетлер таярлаўым керек?

Жуўап: Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў орынларында ис жүргизиў тәртиби ҳаққындағы қолланбаның 54,55,56,57,58-бәнтлерине муўапық:

Туўылыўды дизимге алыў ушын жалғыз (нызамлы некеде болмаған) ана тәрепинен ПҲАЖ органына ананың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм жазба арза (14-қосымша) бериледи.

Егер туўылған баланың анасы ер жетпеген болса, туўылыўды дизимге алыў баланың туўылғанлығы ҳаққында медициналық мағлыўматнама ҳәмде қәўендерлик ҳәм әменгерлик органының арзасына тийкарланып ананың жасаў орнындағы ПҲАЖ бөлими тәрепинен дизимге алынады. Бунда баланы туўған ананың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети яки туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы менен бирге жасаў ҳәм оқыў жеринен рәсмий желимленген ҳалдағы мағлыўматлар тапсырылыўы лазым.

Жалғыз ананың арзасына бола, ана ҳәм әкениң фамилиясы бирдей-ананың фамилиясы бойынша көрсетилиўи лазым.

Баланың фамилиясы болса ананың фамилиясы яки миллий дәстүрлеримизге бола ана тәрепинен атасының(баба) аты бойынша берилиўи мүмкин.

Туўылғанлығы ҳаққындағы акт жазыўын дизимге алыўда жалғыз ана өзи қатнаса алмаған жағдайда ананың арзадағы имзасын медициналық шөлкем яки жазаны өтеў орынларының лаўазымлы шахсының қол таңбасы ҳәм усы шөлкемниң гербли мөри менен яки нотариал тәртипте тастыйықланған болыўы шәрт.

Жалғыз аналардың арзалары «Жалғыз аналардың дизимге алыў дәптери»не есапқа алынып, арзаның оң мүйешине кирис етилген сәне ҳәм кирис саны жазып қойылады ҳәмде избе-излиги бойынша тигип барылады.

Арзаның оң мүйешине акт жазыўы саны ҳәм сәнеси, берилген гербли гүўалық саны жазып қойылады.

Жалғыз анаға перзентиниң туўылғанлығы ҳаққында акт жазыўы дизимге алынғанлығы ҳаққында мағлыўматнама (16-қосымша) бериледи.

Сораў: Алимент төлемеген пуқараға қандай жаза қолланылады?

Жуўап: Ер жетпеген яки ержеткен мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларға алимент төлеў ҳаққындағы судтың ҳал етиў қарарын орынлаўдан бас тартқан шахслар Шаңарақ Кодексиниң 79-статьясына тийкар ата-аналық ҳуқықтан айырылыўы яки жынайый жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.

Жынаят Кодексиниң 122-статьясына муўапық материаллық жәрдемге мүтәж болған ер жеткен яки мийнетке жарамсыз шахсты материаллық тәмийинлеўден бас тартыў, яғный алиментти үш айдан артық ўақыт даўамында төлемеў ең кем айлық ис ҳақының елиў есе муғдарында жәрийма яки еки жылға шекем мийнет дүзетиў ислери ямаса алты айға қамақ жазасы менен жазаланады.

Усы қылмыс қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса-еки жылдан үш жылға шекем мийнет дүзетиў ислери яки үш жылға азатлықтан айырыў жазасы менен жазаланады.

Сораў: Ҳаялым Нөкис қаласындағы туўыў үйинде босанды. Перзентимниң туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығын қайсы ПҲАЖ бөлиминен алсам болады?

Жуўап: Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органларында ис жүргизиў тәртиби ҳаққындағы Қолланбаның 47-бәнтине муўапық: перзентиңиздиң туўылыўын бала туўылған жердеги ПҲАЖ бөлиминде яки ата-анасының бириниң турақлы жасаў жериндеги ПҲАЖ бөлиминде есапқа алдырсаңыз болады.