Siyosat УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

0
УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

Ҳәр пийшемби күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни», деп жәрияланғанлығын итибарға алып, районлық ишки ислер бөлими  ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшесиниң  азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жазалардың орынланыўын қадағалаў топары есабында турған жазаланыўшылар менен олар арасында қайта жынаяттың келип шығыўының алдын алыў, жәмийетте өз орнын таўып кетиўи ушын түсиниклер бериў, оларды өз ўақтында жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде мәҳәллелерде олар жасап турған аймақларда ушырасыўлар өткерилип барылмақта. Усындай ушырасыўлардан бири районымыз аймағындағы «Айдын-жол»  мәкан пуқаралар жыйынында өткерилди.

Районлық ишки ислер бөлими  ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жазалардың орынланыўын қадағалаў топары есабында турған мийнетке дүзетиў иси жазасына ҳүким етилген Еримбетов Султанбек Көптилеўович  2015-жыл  29-январь күни Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды тәрепинен Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 104- статьясы 3-бөлим, «д» бәнти, Жынаят Кодексиниң 57-статьясы қолланып 5 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасына судланып, 2016-жыл 25-март күни жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының уйғарыўы менен өтелмей қалған 2 жыл 2 ай 4 күн еркинен айырыў жазасы ЖКниң 74-статьясына тийкарланып, ҳәр ай сайын айлық ис ҳақысынан 20% мәмлекет пайдасына услап турыў жолы арқалы мийнетке дүзетиў иси жазасына алмастырылған.

2015-жыл 15-декабрь күни Өтеназаров Марат  жынаят ислери бойынша Сырдәрья районы суды тәрепинен ¤збекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 223-статьясы 2-бөлими «б,в», бәнтлери менен айыпланып, айлық ис ҳақысынан 20% муғдарында мәмлекет пайдасына услап қалыў жолы менен мийнетке дүзетиў иси жазасына ҳүким етилген. ЖКниң 62-статьясына тийкарланып, 2015-жылдың 17-октябрь күнинен 2016-жылдың 15-декабрь күнине шекем қамақта болған 1 ай 28 күнниң ҳәр бир күни мийнетке дүзетиў иси жазасының 3 күнине теңлестирилип, айлық ис ҳақысынан 20% муғдарында мәмлекет пайдасына услап қалыў жолы менен 2 жыл 6 ай 6 күн мүддетке мийнетке дүзетиў иси жазасы тайынланған.

Серикбаев Жалғас Атаназарович 2015-жыл 22-декабрь күни Жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды тәрепинен Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 202-статьясы 2-бөлим «в», бәнти менен айлық ис ҳақысынан 20% муғдарында мәмлекет пайдасына услап қалыў жолы менен 2 жыл мүддетке мийнетке дүзетиў иси жазасына  судланған жазаланыўшыларды мүддетинен илгери шәртли азат етиў мәселесин көрип шығыў ушын жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының көшпели суд мәжилиси өткерилди. Онда жазаланыўшылардың жазаны өтеў дәўиринде жақсы минез қулықта болғаны, суд тәрепинен жүклетилген мәжбүриятларды толық өтегенлигин ҳәм жумыс орны, жасаў орнынан жақсы минезлемеге ийе екенлигин итибарға алып, көшпели суд мәжилисинде бул жазаланыўшыларға  Өзбекистан Республикасы ЖКниң 73-статьясын қоллап, мүддетинен илгери шәртли азат етиў мәселеси көрип шығылып, жазаланыўшылар нызам талапларына тийкарланып мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилди. Өткерилген ушырасыўда мәҳәлле ақсақаллары шығып сөйлеп, бундай ушырасыўлардың өткерилиўи халқымыз арасында нызам бузыўшылықлардың алдын алыў, халықтың ҳуқықый саўатлылығын асырыўда, мәҳәлледе жумыссыз жүрген пуқаралар ушын сабақ болыўын, пуқаралардың жәмийетте өз орнын табыўға умтылыўында үлкен түртки болыўын атап өтип, ушырасыўдың әҳмийетине үлкен баҳа берди.

Талғат ЕШИМБЕТОВ

Районлық районлық ишки бөлими ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшесиниң азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жазалардың орынланыўын қадағалаў топары аға инспекторы, сержант