Siyosat ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫН СӨЗСИЗ ТӘМИЙИНЛЕЎ-ҲӘР БИР МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМНЫҢ ТИЙКАРFЫ ЎАЗЫЙПАСЫ

ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫН СӨЗСИЗ ТӘМИЙИНЛЕЎ-ҲӘР БИР МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМНЫҢ ТИЙКАРFЫ ЎАЗЫЙПАСЫ

0
ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫН СӨЗСИЗ ТӘМИЙИНЛЕЎ-ҲӘР БИР МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМНЫҢ ТИЙКАРFЫ ЎАЗЫЙПАСЫ

Өзбекистан Республикасының алдына қойған тийкарғы мақсети-пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, оларға мүнәсип турмыс шәраятын жаратып бериўден ибарат болып есапланады.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының 18-статьясында Өзбекистан Республикасының барлық пуқаралары бирдей ҳуқықларға және еркинликлерге ийе болып, жынысының, расасының, миллетиниң, тилиниң, дининиң, социаллық шығысының, исенимлериниң, жеке ҳәм жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарамастан нызам алдында теңлиги анық белгиленген.

Республикамызда әмелдеги ҳуқықлар, еркинлик ҳәм миннетлер ҳаққындағы қағыйдалар шахсты ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, ислеп шығарыўда, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында кең баслама көрсетиўге, мийнетке жақсы қатнаста болыўға, инсаныйлық принциплерге қатаң әмел етиўге қаратылған.

Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң толық тәмийинлениўи еки жол менен әмелге асырылады.

Бириншиден, оларды әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде беккемлеў,  екиншиден әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде беккемленген инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўди әмелге асырыўшы институтлар хызметин тәртипке салыўдан ибарат.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жоқарыда еки тараўда да системалы рәўиште реформалар процеси әмелге асырылмақта.

Өзбекистан Республикасы инсан ҳуқықлары тараўында 70тен артық ха-лықаралық ҳүжжетлерге, соның ишинде Бирлескен миллетлер шөлкеминиң он шәртнамасына қосылған.         Мәмлекетимизде халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйда ҳәм принциплерине тийкарланып миллий нызамшылық системасы жаратылды. Өзбекистан Республикасы Конституциясы менен бир қатарда әү кодекс ҳәм 400 ден аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилген. 

Қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ең алды менен инсан мәпи ушын хызмет етиўи менен де әҳмийетли. Өзбекистан Республикасы Конституциясының 7-статьясында халық мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир дереги деп, 13-статьясында Өзбекистан Республикасында демократия улыўма инсаный принциплерге тийкарланады, оларға муўапық инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа қол қатылмас ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланады, деп белгиленген. Сондай-ақ әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде беккемленген инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўди әмелге асырыўшы институтлар хызмети шөлкемлестирилди. 1995-жылда Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳукықлары бойынша ўәкил (Омбудсман) лаўазымы енгизилди. Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай, «Социаллық пикир» жәмийетшилик пикирин үйрениў орайы, әмелдеги нызам ҳүжжетлерин мониторинг  етиў институты  Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў ғәрезсиз институты ҳәмде басқа мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мәкеме ҳәм шөлкемлер хызмети усы тараўдың  раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Мәмлекетимизде 2016-жылдың 24-сентябрь күнинен баслап физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен мәмлекетлик уйымларға жолланған мүрәжатлардағы мәселелердиң өз ўақтында шешилиўин тәмийинлеўге қаратылған жумысларды түптен жетилистириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Бас министриниң интернет тармағындағы виртуал қабыллаўханасы өз искерлигин баслады.

Өзбекистан Республикасы Бас министриниң виртуал қабыллаўханасы 2016-жылдың 23-декабрь күнинен баслап Өзбекистан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасына айландырылған усы портал мәмлекет басшысының 2016-жыл 28-декабрь күнги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислеў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, халық пенен туўрыдан-туўры пикирлесиўи ушын кең имканият жаратып бермекте.

Яғный, бул Пәрман менен Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, қала ҳәм районлар халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен инсан ҳуқықларын қорғаў, олардың әмелде тәмийинлениўи бойынша бир қанша ислер әмелге асырылмақта. Министрликте туўрыдан-туўры усы қатнасықларды әмелге асырыўшы Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими шөлкемлестирилген. Бөлимге усы жылда пуқаралардан мүрәжатлар келип түсип, өзиниң нызамлы шешимин таппақта.

Қысқаша етип айтқанда, демократиялық ҳуқықый ҳәм пуқаралық жәмийети қәлиплескен бизиң мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын сөзсиз тәмийинлеў ҳәр бир мәмлекетлик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады. 

 

Бердақ ЖАҚСЫМОВ

Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги бас мәсләҳәтшиси