Siyosat ОРАЗАДАН АЛДЫН ИСЛЕНЕТУFЫН ӘМЕЛЛЕР

ОРАЗАДАН АЛДЫН ИСЛЕНЕТУFЫН ӘМЕЛЛЕР

2
ОРАЗАДАН АЛДЫН  ИСЛЕНЕТУFЫН ӘМЕЛЛЕР

Ҳәр жылы мүбәрек Ораза айы жақынлас-қанда оған өзгеше таярлықлар көремиз. Себеби бул ай басқа айлар сыяқлы әпиўайы болып өтип кетпеўи керек. Сонлықтан Оразадан алдын исленетуғын әмеллерге қысқаша тоқтап өтсек.

Мәҳәллелердиң тазалығына

итибар бериў

Мәҳәллелер, көшелер ҳәм үйлеримиздиң абатлығы, тазалығы менен Оразаның пайызына пайыз қосылады. Себеби пәклик ийманнандур. Бус исти Оразадан басқа ўақытларда да орынлаў керек. Лекин Ораза айы кириўден әўеле тазалыққа, пәкликке және де итибарлырақ болыў талап етиледи. Бурынлары кемпир апаларымыз Оразадан алдын үйлерди шығарып, тазалайтуғын еди. Бул жумысларды даўам еттириў биз әўладлардың да ўазыйпасы. Оған еркеклер де бас-қас болып, ҳаяллар менен биргеликте жумыс алып барса мақсетке муўапық болады. Пәклик дегенде тек үйдиң тазалығы емес, ал кийим, қала берсе кеўилдиң де пәклиги нәзерде тутылады.

Жоқарыдағы айтылған жумысларды Оразадан алдын ислеген жақсы. Туўры, бул жумысларды ислемей-ақ Оразаны өткериў мүмкин, бирақ кеўилдегидей болмайды. Мусылман бендеси бул жылда бир мәрте келетуғын Ораза айын өзгеше таярлық ҳәм көтериңкилик пенен өткереди. Мине бул нәрсе оның ийманы қай дәрежеде қуўатлы екенинен дерек береди.

Жақын ағайин ҳәм пақыр-

пуқаралардың ҳалынан хабар алыў

Бул исти жыл бойы ислеў керек. Бирақ меҳир-мириўбет көрсетиўге Оразадан алдын айрықша итибар бериў мақсетке муўапық болады. Бунда тек қаржы тәрепи тийкарғы орында турмайды. Бәлки имканиятын тапқанлар қаржылай, жақсы мүнәсибет, ашық жүзлилик, күлки, еки аўыз жақсы сөз бенен болса да адамлардың қәлбине хош кейпият бағышлай алсақ олардың кеўиллери таўдай көтериледи. Көпшилик адамлар Оразада аўыз аштырып ким озадыға ойнайды. Тийкарынан алғанда аўыз аштырыўдың ең жақсысы ғәрип-қәсерлерге аўқат бериў ҳәм оларды кийим менен тәмийинлеўдур. Бул Алла дәргайында мақул болады.

Қарызларды төлеў

Оразадан алдын алынған қарызларды төлеў де жақсы ис. әлбетте, егер имканиятыңыз болса, кешиктирмей дәрриў алынған қарызды қайтарың. Сонда қарыз берген адам да қуўанады, қәлбиң тынышланады.  Егер имканиятыңыз бола тура қарызды созып жүрсеңиз үлкен гүнәға қаласыз, оның ҳақын жеп жүрген боласыз.

Усы орында имарат қурған, қандай да бир қурылыс жумысларын баслап атырған адамлар усталардың ҳақын бериўди умытқан яки бергиси келмей жүргенлер болса устаның ҳақын бериўи кереклигин айрықша ескертип өтемиз. Себеби бул мусылманшылыққа туўры келмейди, устаға зулымлық көрсеткен болады.

Қарыз мәселеси ашылғанда сөзсиз адамлардың мәмлекеттеги қарыздарлығы ядқа түседи. Мәмлекет бизге суў, газ, электр энергиясы сыяқлы турмысымыз ушын керекли нәрселерди жеткерип береди. Буның ушын олар ҳақын төлеп қойыўы тийис. Бул байлықлардың жаратыўшысы Алла таала. Буған гүман жоқ. Лекин әпиўайы адам мәмлекеттиң жәрдемисиз өз қәлеўинше жерден  газ қазып ала алмайды, энергия шығара алмайды, яки таўдан келип атырған суўды тазалап, өз үйине алып келе алмайды. Бул мәмлекеттиң жумысы. Буның ушын қәрежет жумсаў, жумысшыларға айлық төлеў керек. Бизиң төлейтуғын пулларымыз мине усындай қәрежетлерге кетеди. өулласы, ораза айында мәмлекет алдындағы қарызымызды да төлеп қойыўымыз лазым.

Өкпе-гийнелерге шек қойыў

Ораза адамлар арасындағы жәнжел, кек сақлаў, өкпе-гийнелерди сапаластырыў айы. Себеби дос-яранлар, аға-ини, апа-сиңли, қәйинене-келин ортасында қарсылық бола турып, тутылған оразалар, етилген қураны қатым ҳәм басқа саўаплы ислер толық болмайды. Бәлким ҳәмме исти араны дүзетиўден баслаў керек. Бунда бир тәреп екинши тәрептен өзин пәс тутып, айыбы болмаса да досласыў пикири менен шықса жүдә жақсы болады. Өзи биреў менен урыспаған жағдайда да ҳәр қандай бенде аразласқанларды досластырса үлкен мәртебеге ериседи.

Баспасөз материаллары тийкарында таярланды.