Siyosat ТОЙЛАРЫҢЫЗ ТОЙЛАРҒА УЛАССЫН, ХАЛҚЫМ!

ТОЙЛАРЫҢЫЗ ТОЙЛАРҒА УЛАССЫН, ХАЛҚЫМ!

0
ТОЙЛАРЫҢЫЗ ТОЙЛАРҒА УЛАССЫН, ХАЛҚЫМ!

Быйылғы жылымыздың атамасы айтып турғанындай, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеўде халқымыздың кеўлинен шығатуғын көплеген өзгерислерге гүўа болып атырмыз. Инсан мәплерин қорғаў, бул елде жасаўшы ҳәр бир пуқараның ийгиликли мақсетлерин әмелге асырыў, саўаплы ислердиң көлемин көбейтиў жумыслары даўам етпекте. Усындай илаждың бири-кем тәмийинленген шаңарақлардан турмыс қурған 15 келин-күйеўдиң бахыт тойы «Аман-Мәкан» тойханасында өткерилди.

Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, республикалық ҳаял-қызлар комитети, район ҳәкимияты, және бир қатар шөлкемлердиң биргеликте өткерген бахыт тойларына жаслардың ата-аналары, туўысқанлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары белсендилери, мийнет ветеранлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери мирәт етилди.

Халқымыздың дәстүри бойынша келинлерге бет ашар айтылып, буннан соң келин-күйеўлерге мебельлердиң сертификатлары, қәўендер мекемелердиң баҳалы саўғалары салтанат пенен тапсырылды.

-Балаларым әкесинен ерте айырылып, өзимизди-өзимиз ер жетип атырған перзентлеримиз бенен еплеп атырмыз,-дейди «Қаратерең» аўыллық пуқаралар жыйынынан келген ана Зульфия Сейтназарова. Елимиздеги кем тәмийинленген шаңарақларға көрсетилип атырған ғамхорлықлардан бизиң шаңарағымыз да бийнесип қалған жоқ. Улым менен келинимниң, қулласы бәримиздиң қуўанышымызда шек жоқ. Буннан артық жақсылық болмаса керек. Мебельлери, ҳәттеки қысқы кийим-кеншеклерине шекем бийпул берип атыр. Ҳүкиметимизге бул ғамхорлықлары ушын үлкен рахмет. Қуда қәлесе, балаларым елимиздиң бул ғамхорлықларын өз мийнетлери менен өтеп, елиме пайдасын тийгизеди деп үмит етемен.    

Қайырхомлық нәтийжесинде өткерилген жаслардың бахыт тойы үлкен байрам салтанатына айналып, жас жубайлардың, олардың туўған-туўысқанларының кеўиллерин тастырып, оларға қуўаныш пенен шадлық бағышлады. Илаж қатнасыўшылары жаслардың кеўлинде ертеңги күнге деген исенимди, ана ўатанға деген шексиз сүйиспеншиликти көргендей болды.

Илажда район ҳәкими Ж. Адилов, Өзбекистан кәсиплик аўқамлары федерациясының ўәкили Ҳ.Шарипов,  Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы бойынша шөлкемлестириўшиси Л.Байбосыновалар шығып сөйледи. Олар жаңа өмирге қәдем қойып атырған жас жубайларға беккем ден-саўлық, бахыт тиледи.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА