Siyosat ГҮЛ ШЕҢБЕРЛЕРИ ҚОЙЫЛДЫ

ГҮЛ ШЕҢБЕРЛЕРИ ҚОЙЫЛДЫ

0
ГҮЛ ШЕҢБЕРЛЕРИ ҚОЙЫЛДЫ

Жәҳән тарийхында Екинши дүнья жүзилик урыс деп ат алған 1941-1945-жыллар арасындағы урыс адамзат ерки ҳәм азатлығына қәўип туўдырып, пүткил дүнья жәмийетшилигин қорқынышқа салған. Бул урыс майданында ҳәм урыс арты мийнет фронтында ерлик үлгилерин көрсеткен батыр аталарымыз инсаниятты қуллық қурсаўынан азат етиўге  миясар болды. Елден атланған 77 мыңнан аслам  азамат жаўынгерлердиң 3700 и Тахтакөпир районынан еди. Бизиң бүгингидей бахытлы, тыныш өмиримиздиң тийкары ушын жанларын оққа қалған еткен  2400 ден аслам жаўынгерлердиң денеси жат журтларда қалып кетти. 1300 ден асламы ғана елге қуўысыў бахытына миясар болған еди. Жүйрик аттай жылжып өткен жыллар барған сайын олардың санын кемитип барды. Быйыл Тахтакөпирде бир де Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы қалмады. Бирақ  20 дан аслам тылда олар ушын хызмет еткен жасы үлкен аталарымыз бенен аналарымыз бүгинги күнниң бахытлы ғаррылық дәўранын сүрип, ели менен перзентлериниң ардағында болмақта.

Еслеў ҳәм қәдирлеў күни  Екинши жәҳән  урысында қурбан болған жаўынгерлердиң ҳүрметине қо-йылған естелик алдына район ҳәкимияты, районлық қорғаныў бөлими, «Нураный» қоры ҳәм басқа да шөлкем ўәкиллери нураный аталар менен биргеликте жыйналып, шейит кеткенлерге қуран оқылды ҳәм олардың ҳүрметине гүл шеңберлерин қойды. Онда шығып сөйлегенлер  халқымызға парахат ҳәм абадан өмир тиледи.

Райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде нураныйларға район ҳәўескерлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди. Кеўилли дем алыстан соң олар ушын жайылған байрам дастурханында бир кесе шай үстинде сәўбетлесип отырды.      

Бул күни ушырасыў салтанатына қатнаса алмаған нураныйлардың шаңарақларына барып, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алды ҳәм олар менен жақыннан сәўбетлести.Бундай ҳүрметлер ушын аталарымыз өз гезегинде миннетдаршылығын билдирип атыр.

 

Г.ДӘЎЛЕТМУРАТОВА