НУРАНЫЙЛАР ХАЛҚЫМЫЗ ҲҮРМЕТИНДЕ
Екинши жер жүзилик урыс-та ерискен жеңиске быйыл 72 жыл толады. Өтип атырған ўақыт, айлардан соң жыллар урыс көрген аталарымыздың санын азайтып атыр.Бизиң районымыздан жеңис пенен елге аман оралған аталарымыздан ҳәзир арамызда биреўи де қалмады. Өткен жылы ең соңғы еки жаўынгерди келмес сапарға узатып салдық. Урыс дәўиринде фронт арты мийнет ветеранларынан ҳәзир 21 аталар менен аналарымыз өмир сүрип атыр.
Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан усындай нураныйлардың шаңарақларынан район ҳәкимияты тәрепинен хабар алынып, орынлардағы кәсиплик аўқамлары тәрепинен саўғалар менен сыйламақта.
Район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Оразбай Генжемуратов, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Айсанем Аллиярова, районлық тутыныў товарларын ислеп шығарыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери хызметкерлери кәсиплик аўқамы баслығы Рысгүл Мамбетшариповалар фронт арты мийнет ветеранлары Жийенбай Дүйсенбаев пенен Набат Қыпшақбаевалардың шаңарағында болды. Жас өспиримлик дәўири урыс жылларына туўра келген нураныйлар менен сәўбетлесип, оларға арнаўлы саўғалар тапсырды.
Ҳүрлиман АСЕНОВА