Siyosat ӨЗ ЕРКИ МЕНЕН АПАРЫП ТАПСЫРЫЎЫ КЕРЕК

ӨЗ ЕРКИ МЕНЕН АПАРЫП ТАПСЫРЫЎЫ КЕРЕК

0
ӨЗ ЕРКИ МЕНЕН АПАРЫП ТАПСЫРЫЎЫ КЕРЕК

Гей ўақытлары үлкен аталарымыздан, яки ата-анамыздан бизге мийрас болып қалған ески буйымларды көз қарашығындай асырап-абайлағанды жөн көремиз. Ҳәттеки  оны биреўге берип жибериўге де көзимиз қыймайды. Усындай мақсетте «Тахтакөпир» АПЖ турғыны Рейимбай да өз атасынан мийрас болып қалған «байлық»ты атамның көзи деп сақлап келди. Бирақ ол «байлық»тың ертең бир күн келип басына бәле болып жабысатуғыны ойына кирип те шыққан жоқ.

Күнлердиң күнинде Рейимбай аўылласларының үйинде қол ушы талап ислеп, қурылыс жумысларына жәрдем берип жүргенинде қол телефонына ишки ислер бөлими хызметкери қоңыраў етип, үйине жетип келиўин айтты. Буннан хабар тапқан Рейимбай тез де үйине жетиўге асықты. Үйине жетип келгенде ол жерде 3-4 жигит турған екен. Булар ҳуқық қорғаў  уйымлары хызметкерлери еди. Олар Рейимбайдан үйинде ҳүжжетсиз сақлаўлы турған аў мылтығы барма деп сорағанында, атасынан қалған мылтықтың бар екенлигин айтып, үйинен алып шығып берди. Олар бул табылған мылтықты гүўалардың қатнасыўында ҳүжжетлестирип, тексериў ушын алып кетти.

Демек, Рейимбайда мылтықты өз ерки менен ишки ислер бөлимине тапсырыў ойы болмаған.

Өткерилген суд-баллистика экспертизасының жуўмағына бола Р.Төремуратовтан алынған 1 дана еки стволлы, 16 калибрли, №88125-санлы, «Б» моделли, жетим қундақ 52470-62-санлы аў мылтығы оқ атар қураллардың аў мылтықлар тайпасына жататуғынын, бул мылтық қолдан қурастырылғаны, оқ атыўға, иске жарамлы екенлиги анықланды.

Оқ атар қурал, оқ дәрилер, партлаўшы затлар яки партлаўшы қурылмаларды тийисли рухсатнамасыз кимде ким үйинде, қупыя жерлерде, транспорт қуралларында ҳәм басқа жерлерде сақласа, әлбетте бул қастан исленген ҳәрекет болып табылады. Сонлықтан Рейимбай жына-йый жуўапкершиликке тартылып, Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 248-статьясы 1-бөлими менен ең кем мийнет ҳақының 10 есеси, яғный 1.302.400 сум муғдарында жарийма жазасы тайынланды.

 

М.АЛЛАМБЕРГЕНОВА