Siyosat ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ ПӘРАЎАН ТУРМЫСЫ УШЫН

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ ПӘРАЎАН ТУРМЫСЫ УШЫН

0
ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ ПӘРАЎАН ТУРМЫСЫ УШЫН

Журтбасшымыз басламасы менен 2017-жыл мәмлекетимизде «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп жәрияланды.

Елимизде инсан, оның өмири, азатлығы, абыройы, қәдир-қымбаты, ҳуқық ҳәм еркинликлери муқаддес саналады. Инсанды улығлаў, оның мәплерин қорғаў болса демократиялық, әдалатлы мәмлекетке тән қәсийет. Халқымыздың пәраўанлығын тәми- йинлеў ушын олар менен пикирлесип, арзыў-нийетлерин, турмыс машқалаларын үйрениў зәрүр болып табылады.

Әсиресе ертеңги келешегимиз болған жаслардың бүгинги заман талабына сай ҳәрекет етиўи, дүньяда жүз берип атырған өзгерислерден хабардар болыўы, ҳуқықый жақтан саўатлы болыўы ушын ертеңги күнге бағдар бериўши ҳәр бир ата-ана, мектеп, мәҳәлле, қулласы кең жәмийетшиликтиң ўазыйпасын күшейтиў зәрүр. Сонлықтан орынларда шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мекемелериниң биргеликте жумыс ислеўин дурыс жолға қойыў лазым. Себеби, бул арқалы жас өспиримлер арасында қараўсызлық, тәртипбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, оларды ҳәр түрли жаман иллетлерге кирип қалыўынан қорғаўда әҳмийети үлкен.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар инсан мәплерин, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, тыныш, бахытлы турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында жасларды мәнаўий бай ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаўда, олардың бәнтлигин тәмийинлеўде, жас әўладты идеологиялық қәўиплерден қорғаўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўин беккемлеўге итибар қаратылған.

Сондай-ақ, Президентимиздиң «Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мекемелериниң жумысларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары да қабыл етилди.

Буның нәтийжесинде академиялық лицейлерде оқытыўдың сапасын ҳәм нәтийжесин буннан былай да арттырыў, қәбилетли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды мақсетли билимлендириўге бағдарлаў, таңлаған қәнигеликлерин пуқта йелеўи ушын зәрүр шәраятлар, кең имканиятлар жаратылады.

Биз депутатлар ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарларды халықтың кең қатламына жеткериў, олардың орынланыўында, нәтийжесин арттырыўда белсендилик көрсетиўимиз тийис. Бул болса халқымыздың турмыс пәраўанлығының жақсыланыўына, өз ҳуқықларын қорғай билиўинде  үлкен әҳмийетке ийе болады.

 

Анар АБДИЕВА

Районлық Кеңестиң депутаты