Siyosat БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

0
БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир раўажланған мәмлекет сиясатының тийкарын инсан ҳуқықларын тәмийинлеў қурайды.  Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекет дәрежесине көтерилген бир ўақытта мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы жөнелислериниң бири бул-ертеңги күнимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме бәркамал инсан етип камалға келтириў мәселеси болып есапланады.

Конституциямыз ҳәм басқа бир қатар   нызамларымыз инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық ҳүжжетлерге мас рәўиште дүзилген. Яғный, Инсан ҳуқықлары улыўма жәҳән декларациясының барлық тәреплери толық өз көринисин тапқан.әсиресе арнаўлы Декларацияның екинши тәрепи, яғный барлық нызам ҳәм қураллар балалардың саў-саламат өсиўи, ақылый қәбилетлерин раўажландырыў ушын шәраят жаратыўға хызмет етиўи белгилеп қойылған. Сондай-ақ, Декларацияда: «балалар-ҳәр бир жәмийеттиң келешеги, кексе әўладтың мийрасхорлары, инсаният нәсилиниң даўамшылары. Соның ушын инсаният өсип киятырған әўлад ҳаққында айрықша ғамхорлық етеди» деп көрсетип өтилген.

Бала ҳуқықларына байланыслы халықаралық ҳүжжетлер ишинде 1989-жыл 20-ноябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 44-сессиясында қабыл етилген «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы Конвенция әҳмийетли орын ийелейди. Өзбекистан бул ҳүжжетти 1992-жыл 9-декабрь күни ратификация етти. Конвенцияда бала ҳуқықларына байланыслы тийкарғы қағыйдалар беккемленген. Мысалы, арнаўлы ҳүжжетти ратификация еткен ҳәр бир мәмлекетке өз аймағында балаларға арналған төмендеги ҳәрекетлердиң жүз бермеўин тәмийинлеў мәжбүрияты жүкленеди:

Балалардың қәдир-қымбатын кемситетуғын мәмилеге жол қоймаў;

Балаларды езиў, түрли қыйнаўларға салыў, азапларға дуўшар болыўына жол қоймаў;

Бирде бир бала нызамсыз яки өз басымшалық пенен азатлықтан маҳрум етилмеўи;

Тутқынға алыў, услап турыў яки түрмеге қамаў балаларға қарағанда тек ең аўыр шара сыпатында қолланылыўы;

Азатлықтан маҳрум етилген балаға имканияты болғанша ең кем жаза мүддети қолланылыўы;

Қамақта балалар үлкен жаслы жазаланыўшылардан бөлек сақланыўы зәрүрлиги.

Бул қағыйдаларда халықаралық жәмийетшиликтиң ҳуқықты бузған балаға қарата инсаныйлық ҳәм меҳир-мириўбеттиң тийкарлары беккемленген.

Мәмлекетимиз Конституциясында «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы Конвенцияға мас рәўиште олардың айрықша ғамхорлық ҳәм жәрдемге мүтәжлигин есапқа алған ҳалда бала ҳуқықларына айрықша итибар қаратылған.

Жәмийет ҳәм мәмлекет ҳуқықбузарлық жолына түсип қалған баланың жазаны өтеп болғаннан кейинги тәғдирине бийпарқ болмаўы лазым. Оған қолланылатуғын жаза яки басқа тәсир шарасы баланы жәмийеттен ажыратып қойыўға қаратылмай, бәлки оны туўры жолға түсип, жәмийетке кирисип, онда өз орнын таба билиўине шәраят жаратыў лазым.

Өзбекистан ҳәзирги күнде Конвенцияда беккемлеп қойылған қағыйдаларды турмысқа енгизиў жолы ҳәрекет етпекте. Жасларға байланыслы халықаралық ҳуқықый нормалар Өзбекистан ушын айрықша әҳмийетке ийе. Сол себепли мәмлекетимизде  жасларға қаратылып атырған итибар-келешекке итибар екенлигинен гүман жоқ.

 

Мурадбек МАМБЕТОВ

Район прокурорының аға жәрдемшиси, 3-дәрежели юрист