Siyosat РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ ЖИГИРМА БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ

РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ ЖИГИРМА БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ

0
РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ ЖИГИРМА БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ

Усы жыл 4-апрель күни Халықдепутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезексиз жигирма бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, орын алып атырған кемшиликлер, алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде айтып өтти. Район ҳәкими лаўазымына «Әдилет-Тахта» машина-трактор парки баслығы болып ислеп келген Адилов Жамбул Ағытаевичти усынды.

Усынылған талабанды «Нураный» қоры районлық бөлими баслығы  Ж.Аманшаев, 7-санлы «Қуўаныш жарма» сайлаў округинен  депутат П.Сапаров,  районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, Олий Мажлиси Сенаты ағзасы А.Аллиярова менен «Өзбекистан Қаҳарманы»  С.Сейтназаровлар  қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Ж.Адилов Тахтакөпир районы ҳәкими болып тайынланды Өз сөзинде районның социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўына, халқымыздың абадан турмысын еле де көркейтиўде бар билими менен тәжирийбесин жумсайтуғынын билдирди.

Усының менен сессия өз жумысын жуўмақлады.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА