РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ ЖИГИРМА ТӨРТИНШИ СЕССИЯСЫ
Район ҳәкимиятының мәжилислер залында усы жылдың 1-апрель күни Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Қутлымурат Бабашев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Мурат Исмайлов, район ҳәкими, районлық Кеңестиң депутатлары, ҳәким орынбасарлары, ҳуқық қорғаў уйымы ҳәм жәмийетлик шөлкемлер хызметкерлери менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияның хаткерине 2-санлы П.Нурпейсов сайлаў округинен депутат Минера Турымбетова сайланды.
Сессия күн тәртибинде «Тахтакөпир районында бирлемши медицина ҳәм санитариялық хызмет көрсетиў тараўларының жумысларын жеделлестириў ҳәм еледе жақсылаў ис-илажлары ҳаққындағы және шөлкемлестириў мәселелери» киритилген.
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша районлық медицина бирлеспеси баслығы Батыр Айтеков есап берди.
Президентимиз тәрепинен усы жылдың 5-январь ҳәм 7-февраль күнлери ден-саўлықты сақлаў тараўының хызметкерлери менен болып өткен ушырасыўларда тараўдағы бир қатар машқалалар ҳәм өз шешимин күтип турған мәселелерге итибар қаратып, әсиресе, бирлемши медициналық-санитария жәрдем мекемеси жумысларын және де жақсылаў, халыққа бундай жәрдемниң өз ўақтында ҳәм жоқары сыпатлы болыўын тәмийинлеў, бар имканиятлардан толық пайдаланыўды жолға қойыў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сыпаты жағынан жаңа системаны жолға қойыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берген еди.
Жоқарыда аталған ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде райондағы бир районлық медицина бирлеспеси, бир көп тармақлы поликлиника ҳәм тоғыз аўыллық шыпакерлик пунктин жетилистирип, үш аўыллық шыпакерлик поликлиникасы дүзилди», деди районлық медицина бирлеспеси баслығы Б.Айтеков өз шығып сөйлеўинде.
-Өзбекистан Республикасы Президентиниң Республикада бирлемши медициналық-санитария жәрдеми мекемелери хызметин шөлкемлестириў, оны және де жетилистириў, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бойынша қабыл етилген қарарлары сапалы медициналық хызмет көрсетиўдиң және бир мүмкиншилигин белгилеп берди.
Районда бирлемши медицина-санитария жәрдеми мекемелериниң хызметин жетилистириў мақсетинде тоғыз аўыллық шыпакерлик пункттен бес аўыллық шыпакерлик пункти, олардың тийкарында үш аўыллық шаңарақ поликлиникасы, район орайынан алыс болған «Мақ-палкөл» аўыллық шыпакерлик пунктин сақлап қалыў, жетилистирилген бес аўыллық шыпакерлик пункти имаратларын медицина хызметкерлерине үй-жай ушын пайдаланыўға бериў шешилди.Дүзилген аўыллық шаңарақлық поликлиникаларда педиатр, гинеколог, терапевт, хирург, стоматолог, УТТ шыпакери, тез жәрдем шыпакерлери менен тәмийинленеди.
Сондай-ақ, медициналық бирлеспе баслығы өз баянатында алдағы 2017-2018-жылларда әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға да кең түрде тоқтап өтти.
Баянатшыдан соң Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Қ.Бабашев шығып сөйледи.
Күн тәртибиндеги екинши шөлкемлестириў мәселеси болып, бунда район ҳәкиминиң орынбасарларын тайынлаў ҳаққындағы район ҳәкиминиң қарары усынылды.
Орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усы 2017-жыл 27-февраль күнги 152-Б, 167-Б санлы ҳәм 2017-жыл 18-март күнги 207-Б санлы бийликлерине муўапық, Данегулов Рашид-Тахтакөпир районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына, Нурманов Төлепберген-Тахтакөпир районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына, Генжемуратов Оразбай-Тахтакөпир районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул бийлик тийкарында район ҳәкиминиң қарарларын тастыйықлаў ушын Халық депутатлары районлық Кеңестиң сессиясына усынылды ҳәм бир аўыздан қарар қабыл етилди.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА