Siyosat УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

0
УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Елимизде жаңа өзгерислер, халық пенен тығыз байланыс, шаңарақларға тиккелей кирип барыў, олардың турмысындағы әҳмийетли мәселелерди үйренип шығыў, соның менен бирге бул мәселелерди шешиў-бүгинги күнниң баслы бағдары болып қалмақта.

Февраль айынан баслап ҳәр ҳәптениң пийшемби күни район аймағында «Профилактика күни» сыпатында белгиленип, тийкарғы жумыслар даўам етип атыр.

Бул исши топарлар ҳәм комиссия ағзалары тәрепинен белгиленген реже тийкарында  март айында аймақлардағы ҳуқықбузарлықлар, жынаятшылық ҳәм басқа да ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажлар және усы илажлар тийкарында ҳәр бир пийшемби күнинде «Маржанкөл», «өоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында, районлық медицина бирлеспесинде, балалар музықа ҳәм көркем өнер мектеби менен аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжлеринде халық пенен ушырасыўлар өткерилди. Ушырасыўларда жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, сабақларға себепсиз қатнаспай жүрген оқыўшыларды оқыўға тартыў, олардың шет еллерге шығып кетиўиниң алдын алыў бойынша оқыўшы жаслар ҳәм ата-аналар арасында түсиник жумыслары алып барылды.

«Профилактика күни» илажлары даўамында район аймағында жынаятлар жүз берген мәҳәллелерде пуқаралар арасында талқыланып, жынаятлардың келип шығыў себеплери үйренилип атыр Гезектеги халық пенен ушырасыў апрель айының биринши пийшембисинде райондағы қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжиниң мәжилислер залында болып өтти. Ушырасыўға  ата-аналар, оқытыўшылар ҳәм колледж питкериўшилери қатнасты.

 Ушырасыў жыйналысын район прокуроры Қ.Бекмуратов басқарып барды.

 Районда жүз берип атырған жынаятлар саны өткен жылдың дәслепки үш айы менен салыстырғанда 15 тен 11 ге азайғаны менен урлық жынаяты, шет елге шығыў, ҳүжжетлерге зыян келтириў, ҳүжжетлерди қәлбекилестириў, саўда қағыйдаларын бузыў жынаятлары көбейгени атап өтилди.

Районлық П*АЖ бөлими инспекторы А.Ережепова өз сөзинде ерте турмыс қурыў жағдайлары түсиндириў жумыслары алып барылыўына қарамастан жүз берип атырғанын, қызларды алып қашыў, ажырасыўлар себеплерин мысаллар арқалы келтирип, ата-аналарды жаслар тәрбиясында бийпәрўалыққа жол қоймаўға шақырды.

Районлық ишки ислер бөлиминиң баслығы подполковник Н.Әметовтың мазмунлы шығып сөйлеўи, жаслар тәрбиясында мысаллар келтириўи тыңлаўшыларды бийпарық қалдырмайды деп ойлаймыз. Және ол өз сөзинде Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен профилактика инспекторлары өз аймақларында турақ жай ҳәм автомашина менен тәмийинленип атырғанын, олар өзи жасап атырған аймақтағы халықтың дәрти менен жасаўы шәрт екенинде айтып өтти.

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер Министриниң орынбасары М.Рахматуллаев, район ҳәкими Ж.Адиловлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Илаж даўамында келип түскен мүражат ҳәм усыныслар, анықланған машқалаларды өз ўақтында шешиў ушын тийисли мекеме ҳәм кәрханалар жумыс алып бармақта.

           Ҳүрлиман Асенова